Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы 1-санлы академиялық лицейдиң 3-басқыш оқыўшысы Әбдиғаниев Дәўранбек Өзбекистан көлеминде өткерилген пән олимпиадасының IV басқышында математика пәни бойынша 3-орын жеңимпазы болып, тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи.

Солай етип, пән олимпиадаларынан жеңимпаз болып, тест имтиханларысыз студент болыў бахтына миясар болған жасларымыздың саны 4ке жетти.

Еслетип өтемиз, буннан алдын Қарақалпақстан Республикасында өткизилген 3-басқыш пән олимпиадасында Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнинен  3 оқыўшы (1-орынды Нөкис педагогика колледжи оқыўшысы Узақбаева Патима 95,75 балл менен, 2-орынды НМПИ қасындағы академиялық лицей оқыўшысы Жолдасбаева Бибихадиша 90,25 балл менен, 3-орынды ТашПМИ Нөкис филиалы қасындағы академиялық лицей оқыўшысы Мамбетниязова Меҳрибан 85,5 балл менен) жеңимпаз болып,  ўақтынан бурын студент болған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги