Республикамыздағы онкологиялық, гинекологиялық ҳәм балалар арасында ушырасатуғын туўма нуқсаны бар, қоян жырық, күйиктен кейин дағлары қалған балаларды емлеўде әмелий жәрдем көрсетиў мақсетинде түркиялы бир топар шыпакерлер 2-ноябрь күни республикамызға келди.

-Бул илаж Түркияның бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги ТИКА шөлкеминиң елимиздеги ўәкилханасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги арасындағы бирге ислесиў бойынша келисим шеңберинде әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң аналықты ҳәм балалықты қорғаў ислери бөлиминиң баслығы Гәўҳар Абдисаметова.

-Түркиялы тәжирийбели хирург, анестезиолог, педиатр шыпакерлер ҳәм мийирбийкелер дерлик бир ҳәпте даўамында Нөкис қаласындағы республикалық балалар көп тармақлы медицина орайында, республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий орайында болып, наўқасларды тереңлестирилген медициналық тексериўден өткереди ҳәм зәрүр болғанларына пластикалық, реконструктивлик ҳәм гинекологиялық операциялар ислейди. Сондай-ақ, операция исленген наўқаслардың реанимация ҳәм кейин ала басқа бөлимлерде емлениўи бақлап барылады.

Түркиялы шыпакерлердиң республикамызға сапары даўамында өз-ара тәжирийбе алмасыў, келешекте бирге ислесиў бойынша сөйлесиўлер алып барыў режелестирилген.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.