«Дәслепки жылы ерте бәҳәрде жерди таярлап, 145 гектар майданға салы септик. Жәми 30 гектарға шигит егилди. Әттең, жыл қыйын келди, суў тамтарыс болды. Қулласы, жумысымыз жүриспеди. Салымыз суўсызлықтан қуўрады. Пахтаны зордан сақлап қалдық. Зүрәәтлилик 29 центнерден аспады.

Кейинги жылы да жағдай өзгермеди. Ҳәрекетлеримиз, күнди түнге уластырып өткерген демлеримиз зая болды.

О, 2002-жылғы мәўсим! Сол жылғы қырман ҳеш ядымнан шықпайды: хожалығымыз биринши мәрте пахта бойынша шәртнаманы артығы менен орынлады. Және 90 тонна салы алдық. Алған пайдамыз алдыңғы жылларда суўсызлықтан көрилген зыянды қаплаўға зордан жетсе-де, сол мәўсим жәмәәтимизге таўсылмас күш-ғайрат берди. Ашығы, изли-изинен даўам еткен әўметсизлик жумысшылардың руўхыятына кери тәсир еткен, көпшиликтиң қолы суўып қалған еди

Кейинги жылы 50 миллион сум сап пайда көрдик. Сондай-ақ, қоймаханамызда 200 тонна салы ғамланған еди…»

Бул қарақалпақстанлы искер дийқан, шебер исбилермен Сәрсенбай Сейтназаровтың күнделигинен үзинди. Мен оны аға менен қайсыдур ушырасыўымызда билдирмей көширип алған едим. Бирақ биреўдиң жеке жазыўын оқыў ямаса елге жәриялаў намақул ис болса да, бүгин бул жазыўларды

… Дәслеп жоқары шеклерди ийелеў ушын ҳәрекет етесиз.

Бәйги сызығын басып өткениңизден кейин әне усы атқа мүнәсип ислеўге,  пикирлеўге, керек болса, жасаўға ҳәрекет етесиз.

Адамлардан зыят болыў, өзин-өзи көз-көз етиў, елден жоқарыда жүриўге умтылыў каҳарманларға тән пазыйлет емес…

Аўыл хожалығындағы кең көлемли реформалар себепли ел қатарлы мен де фермер болдым. Дәслеп Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай ағаның усынысы менен банктен 200 мың сум кредит алып жумыс басладым…

жазыўға бел байладым. Себеби, бир заманлар тәбияттың ҳәр қыйлы қыйыншылықлары менен есапласып, кейин ала әне сол есап-санақлардың табысы нәтийжесинде қарақалпақтың абырайлы адамына айланған дийқанның руўхыятты шынықтырыў бағдарындағы жазыўлары оқыўшыға тек ҳәм тек ғана пайда келтиреди. Шегинбеўге, бәрқулла алдында жүриўге шақырады. Сәрсенбай аға сыяқлы жыл бойы қандайдур мақсетлерди гөзлеп жүриўге шақырады.

Адамның буўат-буўат ақшасы емес, ал таўдай ғайраты, жақсы нийети, әне усыған жараса өзи сүйген кәсип-кәри болсын.

Аға Тахтакөпирдиң Мақпалкөл аўылында әпиўайы дийқан Ержан Сейтназаровтың шаңарағында туўылған. Бир қыз алты улдың арасында камалға келген. Әкесинен бир сандық алтын ямаса мал-дүнья  қалмаған. Аўылдың орта мектебин тамамлап, Нөкис аўыл хожалығы техникумында билим алған. Дәслеп шарўаға қәнигелескен «Мақпалкөл» ширкет хожалығында жумыс баслаған. Соң ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик аграр университетин тамамлаған. Билим журтын тамамлап, яғный 1985-жылы Қарақалпақстандағы ең ири салыгершилик бригадасына басшылық еткен.

Халқымыз «Дийқаншылықта берекет бар» деп бийкарға айтпаған. Соның ушын бул сөз Сәрсенбай ағаның тәғдиринде дәлилленген десем алжаспаған боламан. Себеби, аға дийқаншылықтағы тынымсыз мийнетлериниң арқасында зер тапты. Тапқанда да пүткил қарақалпақ халқына жететуғын ғәзийне тапты. Салыгершилик илимин суўдай ишкен Сәрсенбай Сейтназаров халқымызға суўды үнемлеп салы жетистириўдиң әдисин алды. Нәтийжеде топырағын шор басқан қарақалпақ жеринде де адамлар салы жетистирип, мол дәрамат ала баслады. Мен зер деп усыны нәзерде тутып атырған едим. «Ғәзийне деп соны атап атырған едим.

Ағаның пидәкерлик мийнетлери зая кетпеди. Ҳүкиметимиз «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлады. Дийқаншылықтағы үлкен тәжирийбеси қол келген Сәрсенбай аға 2000-жылы «Тайымбет» фермер хожалығын дүзип, әтирапына салыгершиликте сүйеги қатқан атайы дийқанларды топлады.

– Аўыл хожалығындағы кең көлемли реформалардың нәтийжесинде ел қатарлы мен де фермер болдым, – дейди аға өз сәўбетлеринен биринде. – Дәслеп Өзбекстан Қаҳарманы Ағытай ағаның усынысы менен банктен 200 мың сум кредит алып жумыс басладым. 2004-жылы аймағы 164 гектарлық «Атакөл» ширкет хожалығын ким зыят саўдасында сатып алып, балықшылықты жолға қойдым. Сонда хожалығымызда 200 бас қара мал, 40 басқа шамалас қой-ешки, 3 дана «Алтай», 3 дана МТЗ, 1 дана Т-28 тракторлары және 1 дана МАЗ автомошинасы бар еди.

«Қыймылдаған қыр асар» дегениндей, хожалықтың жылдан-жылға дәраматы артып барды. 2006-жылды 300 миллион сум сап пайда менен жуўмақлады. Сәрсенбай ағаның қыялына хожалықта пайдаланылмай атырған имаратты сатып алып, бул жерди «Салтанатлар үйи»не айландырыў пикири келди. «Жақсы нийет жарым ырыс», деген сөз рас екен. Ҳәй-пәй дегенше тек ғана «Салтанатлар үйи» емес, оның әтирапында шаштәрезхана, сүўретхана, аяқ-кийим устаханасы сыяқлы турмыслық хызмет көрсетиў шақапшаларын иске түсиреди.

Айтқандай, жердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў, өнимдарлығын арттырыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў бағдарында алып барған тынымсыз изленислери Сәрсенбай Сейтназаровқа табыс алып келди. Ол «Ташаббус – 2007» таңлаўының республикалық басқышында биринши орынды ийелеп, бас сыйлық – Президент саўғасы «Матиз» автомашинасы және Россия мәмлекетине бийпул саяхат етиў жолламасы менен сыйлықланды. Ағаның ықлымы аўыр қарақалпақ жеринде ерисип атырған табыслары Биринши Президентимиз Ислам Кәримов тәрепинен мүнәсип баҳаланып, дәслеп «Фидокорона хизматлари учун» ордени менен сыйлықланды. 2011-жылы Өзбекстан Қаҳарманы атағына сазаўар болды.

Ҳәзирги күнде «Тайымбет» фермер хожалығының жумысшылары жетистирип атырған салысын өзлериниң 3 заманагөй комбайнында орып, өз қаразларында тазалап алады.

– Бундай жоқары сыйлық, негизинде, үлкен жуўапкершилик болып табылады, – дейди аға қаҳарманлықтың гәшти ҳаққында сорағанымызда. – Дәслеп үлкен шеклерди ийелеў ушын ҳәрекет етесиз. Бәйги сызығын басып өткениңизден кейин әне усы атаққа мүнәсип ислеўге, пикирлеўге, керек болса, жасаўға ҳәрекет етесиз. Адамлардан артық болыў, өзин-өзи көз-көз етиў, өзин журттан бийик санаў қаҳарманларға тән пазыйлет емес, – дейди аға қандайдур қыялларға берилип. – Мен солай деп билемен. Әзелден халқымыздың қаҳарманлары ел-журтына хызмет еткен, адамлардың аўырын жеңиллеткен. Бул ҳаққында қосықларымызда, дәстанларымызда көплеген мысаллар бар…

Өзбекстан Қаҳарманы Сәрсенбай Сейтназаровтың  бул сөзлерин тыңлар екенмен, өткен жылы 1-миллиард сумнан аслам дәрамат тапқаны, соннан 460 миллион сумын хожалық жумысшыларының турмысын жақсылаўға ҳәм аўылдағы кем тәмийинленген шаңарақларға көрсетилген саўаплы ислерге жумсалғаны рас екен деп ойлап қалдым.

Ҳәзирги күнлерде «Тайымбет» көп тармақлы фермер хожалығына қараслы дийқаншылық ҳәм бағшылық майданларынан тысқары колбаса цехы, тигиўшилик цехы, бийдай ҳәм салы қаразлары, Мақпалкөл аўылындағы тойхана, улыўма аўқатланыў шақапшасы бар. Бул усы көп тармақлы фермер хожалығы ҳәр тәреплеме халықтың турмыс абаданлығына өз үлесин қосып киятыр дегени.

Айтпақшы, Сәрсенбай ағаның күнделигинде «Мийнетти басына таж, өмирге безек» дейди. Адам мийнет етпей бир күн де жасай алар ма екен. Мениңше жоқ! Қосжақпаслық, ийек артыўшылық, жатып ишерлик адамды қарап етеди. Солай екен, анда-санда жүз берип атырған әўметсизликлерден руўхыңды түсирмей жумысларды даўам еттириўимиз шәрт» деген қатар да бар еди.

Мен усы жерде ағаның жоқарыдағы жазыўлары менен сөзимди жуўмақлаўды мақул көрдим.

ӨзА