Өзбекстанда шыпакер рецептисиз сатыў қадаған етилген күшли тәсир ететуғын ҳәм психотроплық дәрилер контрабандасы ҳәм нызамсыз айланысы жағдайлары көбейди, деп жазады Спутник хабарына тийкарланып Daryo.uz.

Қәнигелердиң айтыўына қарағанда, «Трамадол» таблеткасы өз тәсири жағынан наркотик затларға тең келеди.

«Таблеткаларды биринши мәрте пайдаланғанның өзинде оған үйренип қалыў жағдайы пайда болады. Дәслеп адам эйфорияны сезинеди, бирақ кейинги қабыллаўда организмде аўырыўлар ҳәм дискомфорт жүзеге келеди, оннан кейинги доза болса зәрүрликке айланады. Доза көбейип барады, дәрини сатып алыў ушын кем-кемнен көбирек пул керек болып барады, сол себепли усы дәриге үйренисип қалғанлар жынаятларға қол урады. Дәслебинде шаңарағының барлық жыйнап қойғанларын сарплайды, кейин үйден сатыў мүмкин болған барлық затлардың алып кетеди, соңынан болса жынаятлар – урлық, тонаўшылық етиўи ямаса адам өлтириўи де мүмкин», – деп айтып өткен нарколог.

Өзбекстанда бундай препаратларды нызамсыз түрде тарқатыўға қарсы гүрес даўам етпекте. Соңғы бир неше айдың ишинде жәми он мыңлаған долларлық психотроплық затлар партиялары конфискацияланды.

Өзбекстанда шыпакер рецептисиз сатыў қадаған етилген психотроплық ҳәм наркотиклик затлар дизимине ҳәзирги ўақытта 238 атамадағы затлар киргизилген. Олардың ишинде «Трамадол» да бар. Ол орайлық нерв системасына тәсир ететуғын аўырыўды тоқтататуғын дәри болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги