Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик санитариялық бас врачының 2010-жыл 18-сентябрьдеги «Республикалық улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери оқыўшыларының қәўипсиз аўқатланыўын шөлкемлестириўди тәмийинлеў ҳаққында»ғы 8-санлы қарарына муўапық улыўма билим бериў мектеплери, кәсип-өнер колледжлери ҳәм академиялық лицейлердиң асхана ҳәм буфетлеринде қадаған етилген тағамлардың дизими қәлиплестирилген, деп жазады Kun.uz.

Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў баспасөз хызметиниң хабарына қарағанда, дизимге төмендегилер киргизилген:

 

Гамбургер, чизбургер, хот-дог, булочкадағы сосиска ҳәм колбаса, чипс, кириешка, хрустяшка, саққыз, кока-кола, фанта ҳәм басқа түрдеги газленген реңли ишимликлер, жарамлылық мүддети жуўмақланған ҳәм сапасына кепиллик берилмеген азық-аўқатлық өнимлер, бир күн алдын таярланған аўқат ҳәм оның қалдықлары, ветеринариялық қадағалаўдан өтпеген гөш, балық ҳәм таўық гөшлери, үйде таярланған барлық азық-аўқат өнимлери ҳәм тағамлар, дәслепки ислеў берилмеген ҳәм пастеризацияланбаған сүт ҳәм сүт өнимлери.

 

Усы өнимлердиң сатылыўына жол қойылмаўы билимлендириў мәкемелери басшыларына жүклетилгенине, Мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық бақлаў орайы хызметкерлери тәрепинен орнатылған тәртипте қадағалаў жумысларының өткерилиўине қарамастан айрым жағдайларда усы қарардың бузылыўы бақланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги