Ташкенттеги «Яшнобод» технопаркинде 3D-принтерлер ҳәм роботлар ислеп шығарылмақта, деп жазады Подробно сайтына тийкарланып Daryo.uz.

«Яшнобод» инновациялық технопарки дирекциясы басшысы Фарҳод Жумаевтиң айтыўына қарағанда, ҳәзирги ўақытта адамларға навигация арқалы жәрдем беретуғын, сораўларға жуўап беретуғын, промо-материалларды трансляциялайтуғын ҳәм өзи сөйлескен адамлардың барлығын еслеп қалатуғын Adbot роботы ҳәзирше тек ғана экспорт ушын шығарылмақта. Бирақ, мәмлекеттеги банклердиң бири усындай роботқа буйыртпа берген, ҳәзир оны жыйнаў жумыслары даўам етпекте.

Және бир қызықлы жойбар – Өзбекстан базары ушын жаңалық болған 3D-принтерлер ислеп шығарылмақта. Green Code компаниясы дерлик ярым жылдан берли ишки базар ушын 3D-принтерлерди ислеп шығармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги