Бүгин – 1-ноябрь күни Мойнақ районы ҳәкимлиги мәжилислер залында академик Жуманазар Базарбаевтың туўылғанына 85 жыл толыўы мүнәсибети менен уллы илимпаз бенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды район ҳәкими С.Данияров кирис сөз бенен ашып берди ҳәм басқарып барды.

Илажға районның жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысы алдынғылары қатнасты.

Ушырасыўда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети деканы М.Сарыбаев ҳәм кафедра баслығы А.Ембергеновлар академиктиң өмир жолы ҳәм илимий-педагогикалық, жәмийетлик хызметлери ҳаққында баянатлар жасады.

Еслетип өтемиз, академик Жуманазар Базарбаевтың туўылғанына 85 жыл толыўы мүнәсибети менен республикамыз көлеминде ушырасыўлар, конференциялар ҳәм байрам салтанатлары өткерилиўи жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.