Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Тәжикстан Республикасындағы Тәжикстан миллий университетиниң механика-математика факультетиниң деканы Раим Одинаев, университет доценти Абдулло Мирзоев ҳәм бир қатар студентлер менен ушырасыў болып өтти. Бул ҳаққында институт халықаралық байланыслар бөлими методисти С.Есемуратова хабар берди.

Ушырасыў даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Тәжикстан миллий университети арасында билимлендириўдиң ҳәр түрли тараўлары бойынша биргеликте ислесиў бойынша шәртнамаға қол қойылды.

Оған муўапық, келешекте еки жоқары оқыў орны ортасында профессор-оқытыўшылар, магистрантлар, студентлер ҳәм илимий излениўшилердиң билимин жетилистириў, стажировкаға жибериў, биргеликте илимий қолланбалар ҳәм китаплар шығарыў, мағлыўматлар алмасыў, биргеликте илимий конференция, семинарларды өткериў бойынша келисип алынды.

Буннан соң мийманлар физика-математика факультетинде болып, ол жердеги профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер менен ушырасып, өз-ара пикир алмасты.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.