6-октябрь күни пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде қарақалпақ миллий ырғақлары менен саз дүньямызды байытып киятырған, саз әлеминиң султаны Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, мәмлекетлик сыйлықлардың лауреаты, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси, белгили композитор Нажиматдин Мухаммеддиновтың 80 жыллығына бағышланған «Қарақалпақ музыкасының байтереги» атамасындағы кеше өткерилди.

Кешеге композитордың заманлас дослары, шәкиртлери, мектеп оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри П.Айтмуратов, мектеп директоры А.Тәжимуратов, композитор Қ.Зәретдинов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Н. Мухаммеддиновтың мийнет жолын кең түрде атап өтти. Әсиресе, оның Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимниниң намасын жазғаны, биринши Қарақалпақ миллий операсы ҳәм балетиниң авторы екенлиги ҳәм бир қанша қосықларға нама жазып, қосықшылар оны кәмине келтирип, халқымыздың жүрек төринен орын алып киятырғанлығы кең түрде сөз етилди.

Соң, Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик гимни атқарылды. Буннан кейин композитордың авторлығындағы әжайып намалардан дөреген қосықлар, аяқ ойынлар, сахналық көринислер мектеп жәмәәтиниң  атқарыўында жыйналғанлар нәзерине усынылды.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы