Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Нурсултан Назарбаев 31-октябрь күни еки тәреплеме қатнасықлар тарийхындағы әҳмийетли сәне – Өзбекстан Республикасы менен Қазақстан Республикасы арасында Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғанының 20 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирине қутлықлаў жоллады.

Мәмлекетимиз басшысы өз хатында туўысқан Қазақстан халқын шын жүректен қутлықлап, бул әҳмийетли ҳүжжет улыўмалық тарийх, мәнаўий ҳәм мәдений уқсаслық пенен байланысқан еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы көп әсирлик дослық, туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеп бергенин атап өтти.

Хатта Стратегиялық шериклик ҳаққындағы шәртнама ҳәм Стратегиялық шерикликти буннан былай да тереңлестириў және татыў қоңсышылықты беккемлеў ҳаққында бирликтеги декларацияға қол қойылыўы өз-ара бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўда жаңа басқыш болғаны атап өтилген.

Быйылғы жылы Қазақстанда Өзбекстан жылы шеңберинде өткерилип атырған мәдений-гуманитарлық ҳәм исбилерменлик илажлары халықларымыз жақынлығының айқын белгиси болмақта.

Еллеримиз Орайлық Азияда исеним, ашық-айдынлық ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаў орталығын беккемлеў, тынышлықты, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеўде исенимли екени қанаатланыўшылық пенен атап өтилген.

Қазақстан Президенти Нурсултан Назарбаев өз хатында Мәңги дослық ҳаққындағы шәртнаманың 20 жыллығы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди.

Шәртнама еки тәреплеме қатнасықларда заманагөй бағдарларды белгилеп, оларды раўажландырыўға, халықаралық дәрежедеги өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қосқаны, Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы исеним ҳәм дослыққа тийкарланған ҳақыйқый стратегиялық шериклик ушын тийкар болғаны айрықша атап өтилген.

Бүгинги күнде еллеримиз мәңги қәдириятларға ҳәм шексиз потенциалға сүйенген ҳалда еки тәреплеме бирге ислесиўди жаңа дәрежеге алып шыққаны ҳәм регионда ҳәр тәреплеме шерикликти бирлестириў ушын беккем тийкар қәлиплестириўди даўам еттирип атырғаны атап өтилген.

Еллеримиздиң бирге ислесиўине айрықша пәт бағышлап атырған биргеликтеги жумысымыз ҳәм дослығымыз халықларымыздың абаданлығы жолында избе-из даўам еттирилетуғынына үлкен исеним билдирилген.

Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы Президентлери бул әҳмийетли сәне мүнәсибети менен халықларымызға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

ӨзА