Мәмлекетимизде нызамлардың орынланыўы, ҳуқықты қолланыў әмелиятының нәтийжелилиги мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары тәрепинен таярланатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларының сапасы, юридикалық техникасы менен тиккелей байланыслы. Бул өз гезегтнде ҳәр бир шөлкемниң юридикалық хызмет ўәкиллигине үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Қараөзек районы Әдиллик бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен жасларымыз арасында диний экстремизмниң шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы машқала екенлигин кеңнен түсиндириў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Себеби, бүгинги күни дүньяның айырым еллеринде болып атырған бузғыншылық ҳәрекетлер бизиң ҳәр биримизден бундай иллетлерден аўлақ болыўды, бүгинги тыныш-татыў турмысымызды сақлап қалыў арқалы перзентлеримиздиң бахытлы келешегин тәмийинлеўди талап етпекте.

Жасыратуғыны жоқ, диний экстремистлик ҳәрекетлерге қосылып кетип атырған жасларымыз да жоқ емес. Онда тек сол жаслардың ата-аналары ғана емес, ал, олар жасап атырған мәкан пуқаралар жыйынларының басшылары, аўыл жасы-үлкенлери, бәршемиздиң де айыбымыз бар. Себеби, бул жасларды ўақтында жолдан тоқтатып, тийисли ақыл-кеңесимизди бере алмағанымыз усындай жағдайларға алып келмекте. Солай екен, диний экстремизмниң шахс, жәмийет ҳәм мәмлекет қәўипсизлигине қәўип туўдырыўшы машқала екенлигин ҳәмийше жасларымыздың санасына сиңдирип, бундай жат иллетлерге қарсы биргеликте гүресимиз тийис.

Район аймағындағы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында, мийнет жәмәәтлеринде, оқыў орынларында өткерилип атырған ушырасыўларда қәнигелер тәрепинен диний экстремистлик ҳәрекетлердиң унамсыз ақыбетлери айқын мысаллар менен түсиндирилип, оның алдын алыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

А.ТӨРЕЕВ,

Қараөзек районы Әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси