Нөкис қаласындағы 12-санлы «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының турғынлары өзлериниң басламасы менен Нөкис районына пахта жыйын-теримине жәрдемге барды.

-Дийқанларымыздың сонша маңлай тери менен жетистирилген пахтаның бир де грамын зая етпестен жыйнап алыў ҳәр биримиздиң азаматлық миннетимиз,-дейди Ч.Абдиров көшесиниң турғыны Аманияз Алекеев.-Сонлықтанда көшемиздиң турғынлары менен ойласа отырып, өз шаңарақ ағзаларымыз бенен фермерлерге жәрдем бериўди мақсет еттик. Бизиң бул басламамызды қоңсылас Мәңгилик ҳәм Нурлы көшелериниң турғынлары да қоллап-қуўатлады. Солай етип, райондағы «Каттағар» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы «Ата журт» фермер хожалығының пахта қырманына өз үлесимизди қосып қайттық.

Аўыл хожалығы тараўында узақ жыл даўамында жемисли мийнет еткен Зибайхан апа Махамбетова быйылғы жылы фермерликти баласы Азамат Турдыбаевқа тапсырды. Ол басшылық еткен «Ата журт» фермер хожалығында улыўма 32 гектар егислик майданы болып, соннан 5 гектарына шигит екти. Ғаўашаларға агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўиниң нәтийжесинде дийдиленген зүрәәт алыўға еристи. «Дәўлетлиниң қос қонағы бир келеди»,-дегениндей, фермер хожалығы усы күни пахта тапсырыў бойынша шәртнамалы режесин артығына орынлаўға еристи. Мәкан пуқаралар жыйыны  турғынларынан Рустем Дәўлетмуратов, Мақсет Ешмуратов, Аманияз Алекеев, Назаратдин Низаматдинов, Азат Аллаяров, Бахтияр Жалғасбаев, Бағдагүл Тәжимуратова, Ажар Темирова, Оразгүл Қосназарова, Паршагүл Турекеева, Гүлчеҳра Керимуллаевалар жыйын-теримде пидайылықтың үлгисин көрсетти.

-Бул аймақ турғынлары жәмийетлик жумысларда ҳәмийше өрнек көрсетип келмекте,-дейди «Қурылысшы» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Бахыт Сатуллаев.-Олардың аўызбиршилиги нәтийжесинде ҳәр жылы байрамларды көтериңкилик жағдайында белгилеп келмекте. Әтирап-аймақты абаданластырыў, көклемзарластырыў жумысларына да белсене қатнаспақта. Пахта жыйын-теримине қатнасыў бойынша көше турғынларының унамлы баслама аймағымыздың халқы тәрепинен қоллап-қуўатланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.