Ташкент қаласында өткерилген «Жипек жолында туризм» 23-Ташкент  халықаралық туристлик ярмаркасында қарақалпақстанлы туристлик фирмалар сырт еллердиң ҳәм елимиздеги туристлик фирмалар менен 900 ден аслам шәртнамалар дүзисиўге еристи. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў бойынша аймақлық басқармасы мәлим етти.

Алдын хабар етилгениндей, 3-5 октябрь күнлери Ташкент қаласында өткерилген бул ярмаркаға дүньяның 42 мәмлекетинен шөлкемлер қатнасып, олар қатарында Қарақалпақстан Республикасынан бес туристлик фирма, сегиз мийманхана, сондай-ақ, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейи, «Әмиў толқыны» фольклор-этнографиялық ансамбли, өнерментлер, аспазлар ҳәм бақсы-жыраўлар қатнасты.

Ярмарка қатнасыўшыларына Ташкент, Самарқанд  ҳәм Хийўа қалаларынан саяхатлар шөлкемлестирилди.

Миллий нағыслар менен безетилген қара үй, өнерментлеримиз тәрепинен таярланған миллий кийим-кеншеклер ҳәм үй руўзыгершилик буйымлары, жүўери гүртик таярлаған аспазларымыздың шеберлиги, бақсы-жыраўлардың атқарған халық қосықлары менен дәстанлары, ярмаркаға шақырыўшы баннеримиз сырт елден келген қатнасыўшыларда үлкен қызыўшылық оятты, дейди Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў бойынша аймақлық басқармасы баслығы Б.Қосекеев. Олар ушын бизиң қәнигелеримиз мастер-класслар ҳәм көргизбелер өткерди.

Ярмарка 5-октябрь күни өз жуўмағына жетти.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов республикамыз делегациясына басшылық етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги