Усы жыл 11-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларды исбилерменлик субъектлерине сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы 5552-санлы пәрманы қабыл етилди.

Усы пәрманға муўапық, буннан былай, саўдаға шығарылған мәмлекетлик мүлк объектлери – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде анықланған көшпес мүлк объектлерин инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгиленген ҳалда – 1 сумға тең нырқтағы басланғыш баҳада сатылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, басқа көшпес мүлк объектлери – қайта баҳаланбастан, оларды өткериў күниндеги саўдаларда, қәлиплескен баҳада «E-IJRO AUKSION» электрон саўда майданшасына өткерилип, саўдаға шығарылады.

Инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын аукцион өткерместен, инвестор менен тиккелей сөйлесиўлер арқалы инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди белгиленген ҳалда жер участкаларын бериў ҳәм бос турған мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин белгиленген тәртипте сатып алыў имканияты да пайда болады.

Усыған байланыслы, тийисли мәмлекетлик мәкемелер тәрепинен мәмлекетлик мүлк объектлерине ҳәм жер участкаларына болған ҳуқықларын сатыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша эксперимент тәртиби белгиленди.

Эксперимент тәртиби менен мәмлекетлик мүлк объектлери ҳәм жер участкалары «E-IJRO AUKSION» бирден-бир электрон саўда майданшасында, таңлаў қатнасыўшысының инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелери инабатқа алынған ҳалда сатылады.

«Электрон онлайн-аукцион саўдаларды шөлкемлестириў орайы» МУК тәрепинен шөлкемлестирилип атырған электрон онлайн-аукцион саўдаларға республикамыздың район ҳәм қала ҳәкимликлери тәрепинен 2964 бос жер участкалары, 721 миллиард 933 миллион 105 мың сум инвестиция киргизиў, 10466 жаңа жумыс орнын жаратыў шәрти менен 8 миллиард 522 миллион 600 мың сум муғдарындағы мүлклер аукцион саўдаларына шығарылды.

Бүгинги күнге шекем «E-IJRO AUKSION» электрон онлайн-аукцион саўдаларында 874 бос жер участкалары 282 миллиард 721 миллион сум инвестиция киргизиў, 4118 ден аслам жаңа жумыс орынларын жаратыў шәрти менен 7 миллиард 934 миллион сумға сатылды.

Ҳәзирги ўақытта «E-IJRO AUKSION» электрон онлайн-аукцион саўдаларына 2090 бос жер участкалары 6 миллиард 983 миллион 900 мың сум муғдарындағы аукцион саўдаларына шығарылды.

Мәселен, электрон онлайн-аукцион саўдаларына бүгинги күнде – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик бәсекиликти раўажландырыў басқармасы тәрепинен 2 бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери басланғыш баҳасы 1 сум муғдарында, 21 жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм 2 миллиард 60 миллион сумлық инвестиция киргизиў шәрти менен аукцион саўдаларына шығарылған.

Исбилермен ҳәм инвесторлар өзлерине мақул болған жер участкаларын ҳәм бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин онлайн-аукцион саўдаларына қатнасып сатып алыў имканиятлары бар.

Инвестиция киргизиў шәрти менен электрон онлайн-аукцион саўдаларында қатнасың ҳәм жеңимпаз болың!

Арзан ҳәм қолайлы тәризде бос жер участкаларына ийелик етиў ҳуқықын қолға киргизиң ҳәм имаратларды сатып алың!

Ҳүрметли исбилерменлер, усы қолайлық ҳәм имканиятлардан пайдаланып, бизнесиңизди раўажландырың ҳәм елимиздиң раўажланыўына өз үлесиңизди қосың.

1.jpg

БАҲОЛАНГАН НАРХ
1 СЎМ
ЛОТ №
0021191
ЕР МАЙДОНИ (ГА)
0,010472
ЯРАТИЛАЁТГАН ИШ ЖОЙИ (КАМИДА)
6 та
КИРИТИЛАЁТГАН ИНВЕСТИЦИЯЛАР МИҚДОРИ
60 000 000 UZS
МАНЗИЛ
Қорақалпоғистон Республикаси Тахтакўпир тумани, “Кунгирот куль” ОФЙ

2.jpg

БАҲОЛАНГАН НАРХ
1 СЎМ
ЛОТ №
0021185
ЕР МАЙДОНИ (ГА)
0.1646
ЯРАТИЛАЁТГАН ИШ ЖОЙИ (КАМИДА)
15 та
КИРИТИЛАЁТГАН ИНВЕСТИЦИЯЛАР МИҚДОРИ
2 000 000 000 UZS
МАНЗИЛ
Қорақалпоғистон Республикаси Тахтакўпир тумани, “Дустлик гузари” кўчаси

3.jpg

БАҲОЛАНГАН НАРХ
1 СЎМ
ЛОТ №
0021061
ЕР МАЙДОНИ (ГА)
0,1541
ЯРАТИЛАЁТГАН ИШ ЖОЙИ (КАМИДА)
10 та
КИРИТИЛАЁТГАН ИНВЕСТИЦИЯЛАР МИҚДОРИ
400 000 000 UZS
МАНЗИЛ
Сирдарё вилояти Сирдарё тумани, “Ҳақиқат” СИУ, Фурқат МФЙ

11.jpg

БАҲОЛАНГАН НАРХ
1 СЎМ
ЛОТ №
0021070
ЕР МАЙДОНИ (ГА)
0,4727
ЯРАТИЛАЁТГАН ИШ ЖОЙИ (КАМИДА)
5 та
КИРИТИЛАЁТГАН ИНВЕСТИЦИЯЛАР МИҚДОРИ
200 000 000 UZS
МАНЗИЛ
Сирдарё вилояти Оқолтин тумани, “Шодлик” МФЙ

 

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.