«Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўде жәмийетлик қадағалаўды жоқарылатыў» атамасында мәмлекетлик грант қосымша таңлаўын

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм басқа да пуқаралық жәмийети институтларының төмендеги социаллық мақсетлерди әмелге асырыўды нәзерде тутқан жойбарлары қабыл етиледи:

  1. Пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын ҳәм нызам ҳүжжетлериниң мазмун-мәнисин, оларға әмел етилиўин кеңнен үгит-нәсиятлаў.
  2. Мәжбүрий мийнеттиң алдын алыў бойынша мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары менен социаллық шерикликти күшейтиў.
  3. Мийнет нызамшылығы талапларының орынланыўы, мәжбүрий мийнетке жол қоймаў бойынша халық пенен ашық пикирлесиў механизмлерин енгизиў.
  4. Жәмлеспеген, жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеўге, оларды исбилерменлик ҳәм шаңарақлық бизнестиң ҳәр қыйлы түрлерине кеңнен тартыўға жәрдемлесиў.
  5. Мәмлекетлик ўәкиллик уйымларының пуқаралардың кепилликке алынған мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери бойынша аймақлық комиссиялары менен биргеликте жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў.
  6. Балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес пенен биргеликте ерисилген унамлы нәтийжелердиң турақлылығын тәмийинлеў илажларына жәрдемлесиў.

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкем басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. www.fundngo.uz веб-сайтанда жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтық мөр менен тастыйықланған нусқасы.
  4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шерикликтиң қоспа режелери де қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын мәмлекетлик гранттың муғдары 30 миллион сумға шекем.

Ҳүжжетлер 2018-жыл 26-октябрьден 28-ноябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қор» атына:

100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөрленген конвертте (А4 форматта) жиберилиўи шәрт.

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен  Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0-371) 239-26-76, 239-26-86.