Елимизде талантлы жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды жәмийетшиликке кеңнен таныстырыў мақсетинде «Ниҳол» мәмлекетлик сыйлығы ушын ҳәр еки жылда таңлаў шөлкемлестирилип келинбекте.

Таңлаўда 17 жастан    25 жасқа шекемги талантлы жаслар эстрада, музыка, миллий қосық, аяқ ойын ҳәм опера көркем өнери атқарыўшылығы бағдарлары бойынша қатнасады.

Таңлаўда қатнасыўшылардың көркем атқарыўшылық шеберлиги, репертуар мазмуны, сахна мәденияты тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барылады.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, «Ниҳол-2018-2019» таңлаўына бүгинги күнге шекем аймақлық мәденият бөлимлеринен жәми 494 талабан ҳүжжет тапсырған.

Усы жыл 7-9-май күнлери аралығында усы таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышлары  өткерилип, оларда жеңимпаз болған  74  талант ийеси республикалық таңлап алыў басқышқа жоллама алды.

Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық таңлап алыў басқышы 1-ноябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында өткериледи.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы