Қубла Кореяның «Siloam Center For The Blind»    қайырқомлық шөлкеминиң ўәкиллери 30-октябрь күни республикамызға келди.

Бул акция Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық жәмийетлик фонды ҳәм KOFIH қоры арасындағы бирге ислесиў бойынша келисим тийкарында әмелге асырылмақта. Делегация қурамында «Siloam Eye  Hospital» көз кеселликлери емлеўханасының тәжирийбели офтальмолог-шыпакерлери,  анестезиолог ҳәм мийирбийкелери бар.

– Денсаўлықты сақлаў тараўында дүньяда жетекши орын ийелейтуғын Қубла Корея менен байланысларымыз жылдан-жылға жақсы жолға қойылмақта,-дейди «Саламат әўлад ушын» халық аралық қайырқомлық қоры Қарақалпақстан филиалының директоры Оразгүл Ембергенова. -Жақында ғана республикамыздан туўма жүрек нуқсаны бар еки бала усы мәмлекетте емленип қайтты. Қубла Кореяның KOFIH қоры менен республикалық көз кеселликлери емлеўханасы арасында бирге ислесиў бойынша Меморандумға муўапық кореялы шыпакерлер ҳәр жылы республикамызда болып, көз кеселликлерин емлеў бойынша жақыннан жәрдем берип келмекте.

-Бул реттеги сапарымыз даўамында көз кеселликлери бойынша қыйын операцияларды ислеўди режелестиргенбиз,-дейди «Siloam Eye  Hospital» көз кеселликлери емлеўханасының офтальмолог-шыпакери Янг Джонг Юн,- Соның менен бирге, республикалық көз кеселликлери шыпакерлери менен тәжирийбе алмасыў нәзерде тутылған.

Еслетип өтемиз, Қубла Кореяның «Siloam Center For The Blind»    қайырқомлық шөлкеми менен 2015-2018-жыллар аралығындағы бирге ислесиў шеңберинде республикалық көз кеселликлери емлеўханасына улыўма баҳасы 82 миллион 380,5 мың сумлық YAG LASER заманагөй офтальмологиялық үскене,  улыўма баҳасы 178 миллион 423,9 мың сумлық ОСТ, улыўма баҳасы 11 миллион 133,2 мың сумлық компьютерли периметр, улыўма баҳасы 741 миллион 401,1 мың сумлық Pulsar-2 витреорентиналлық комплекс ҳәм басқада медициналық әсбап-үскенелер берилди. Буннан тысқары, 2015-жылы республикамыздан үш  офтальмолог-шыпакер «Siloam Eye  Hospital» көз кеселликлери емлеўханасында болып өткен «Катарактлардың факоэмульсификациясы» темасындағы семинар-тренингте,  2016-жылы болса үш шыпакер «Витреорегиональлық хирургия» ҳәм «Окулопластика» оқыў курсларына қатнасып қайтты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.