Ташкентте 29-октябрь күни Орайлық Азия экспертлер форумының биринши мәжилиси өз жумысын баслады.

3.JPG

Әнжуман Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен БМШтың Орайлық Азия ушын превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы менен бирге шөлкемлестирилди.

8.JPG

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионларарлық изертлеўлер институтының директоры В.Норов, Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Д.Ахатов, Қазақстан Республикасы Президенти жанындағы Қазақстан стратегиялық изертлеўлер институтының директоры З.Шаукенова, Қырғызстан Республикасы стратегиялық изертлеўлер миллий институтының директоры К.Шадибеков, Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайының директоры Х.Холиқназар, Түркменстан Қаржы ҳәм экономика министрлигиниң Стратегиялық ҳәм турақлы раўажланыў институтының директоры О.Аширов, сондай-ақ, БМШ Бас хаткериниң арнаўлы ўәкили, Орайлық Азияда превентив дипломатия бойынша регионаллық орайдың басшысы Н.Герман қатнасты.

10.JPG

Сөйлесиў ўақтында Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Мәжилисте соңғы еки жыл регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша тарийхый ҳәм жедел өзгерислердиң дәўири болғанын, Орайлық Азяи мәмлекетлери арасында сиясий, экономикалық, мәдений-гуманитарлық тараўларда анық мақсетлер стратегиялық шериклик қатнасықларының енгизилгени атап өтилди. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен усы жылы 15-март күни Қазақстан пайтахты Астана қаласында Орайлық Азия мәмлекет басшыларының биринши мәсләҳәт ушырасыўы жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени бунда үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Бүгинги күнде Орайлық Азияда еки ҳәм көп тәреплеме эволюциялық, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў ушын зәрүр шараят жаратылған. Сондай-ақ, регионда әҳмийетли бағдарларды бирлестиретуғын улыўмалық факторлардың бар екенлиги буның тунышлық, турақлылық ҳәм абадан турмыс тилеги менен қоллап-қуўтланып атырғаны өз-ара бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын исенимли тийкар жаратпақта.

Биринши мәрте өткерилип атырған Орайлық Азия экспертлер форумы барлық тараўдағы қатнасықларды раўажландырыўға қаратылған илажларды көрип шығыў ҳәм көзқарасларды улыўмаластырыўда, тийисли усыныслар ислеп шығыўда қолайлы платформа болып хызмет етеди.

Форумда бирге ислесиўши регион мәмлекетлери арасында өз-ара пайдалы саўда-экономикалық байланысларды жеделлестириў, алдынғы технологиялар менен инновацияларды енгизиў, санлы экономиканы әмелиятта қолланыў, транспорт-транзит имканиятларын кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Регионда суў-энергетика ресурслары, азық-аўқат жетистириў көлемин арттырыў, санаат кооперациясы ҳәм қайта ислеў санаатын раўажландырыўдай әҳмийетли ўазыйпалар бойынша да пикир алысылды.

– Орайлық Азия еллери раўажланған келешек қурыўдай бирдей мақсет жолында исеним менен умтылмақта, – дейди Тәжикстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық изертлеўлер орайы сыртқы сиясат таллаў департаментиниң баслығы Абдуллох Раҳнамо. – Бул бағдардағы имканиятларды бирлестириў, тәжирийбе ҳәм пикир алмасыў, бирден-бир идея әтирапында бирлестириў ушын тәреплерди сиясий ерк-ықрар бар. Өз елиниң сиясат бағдарын, интеграция концепциясын ислеп шығыўда қатнасатуғын аналитикалық орайлары, изертлеў институтларының ўәкиллери бүгин улыўмалық қызығыўшылықларды жүзеге шығарыў мақсетинде жыйналды. Жаңа форматтағы ушырасыў еллеримиз арасында турақлы сиясий мәсләҳәтлесиўлерди алып барыў, анық стратегияны ислеп шығыўда ҳәм оны әмелге асырыўда әҳмийетли орын тутатуғынына исенемен.

Экспертлер глобалласыў шараятында регионда турақлы экономикалық өсиў пәтин тәмийинлеўде қоңсы Аўғанстанда тынышлыққа ерисиў үлкен әҳмийетке ийе екенин тән алды. Сол мақсетте жәбирлениўши аўған халқына турақлылыққа ерисиў ҳәм жақсы мақсетлерге қаратылған өз ерк-ықрарын жүзеге шығарыў имканиятын беретуғын сиясий ҳәм экономикалық жәрдем бериўди даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Форумда экономика, инвестиция, саўда тараўларындағы бирге ислесиў, интеграция процесин жеделлестириў, регионда диний экстремизм ҳәм радикалимз, терроризм, наркотрафик ҳәм шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы биргеликте гүресиў сыяқлы темаларда баянатлар тыңланды.

Илажда орта ҳәм узақ мүддетли регионаллық бирге ислесиўде улыўмалық стратегиялық қатнасларды ислеп шығыўдың мақсетке муўапықлығы атап өтилди. Тәреплер Орайлық Азияда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў тараўында анық ўазыйпаларды белгилеп алыўға, оларға ерисиў жолларын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ.

ӨзАның хабаршысы