Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде усы атамада баспасөз конференциясы болып өтти. Илажға түрли тараўларда ислеп билим алып атырған жаслар, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығының биринши орынбасары И.Абдикаликов шығып сөйлеп, «Өзбекстан Жаслар аўқамы сыйлығы» режесине усы жылы киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, өткен жылы Өзбекстан Жаслар аўқамы тәрепинен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың түрли тараўларында пидәкерлик пенен мийнет етип, өз тараўының раўажланыўына мүнәсип үлесин қосып киятырған жаслар «Өзбекстан Жаслар аўқамы сыйлығы» менен сыйлықланды. Бирақ сыйлықлаў ҳүжжетлерин таярлаў барысында, бир қатар қәте-кемшиликлер, қыйыншылықлар жүзеге келип, бул процессти еле де жетилистириў  зәрүрлиги анықланды.

Сонлықтан, усы жылы  «Өзбекстан Жаслар аўқамы сыйлығы» режесине бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Атап айтқанда, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат, экономика ҳәм аўыл-хожалығы, илим-билимлендириў ҳәм социаллық, көркем өнер, мәденият, журналистика ҳәм спорт тараўларында, жәми 17 номинация бойынша сыйлық берилетуғын болды.

Сыйлықты бериўде ең дәслеп талабанның Өзбекстан Жаслар аўқамы жумысларындағы белсендилиги, сондай-ақ, олардың жумыс ислеп атырған тараўынан келип шығып еки жыл даўамындағы жумысының нәтийжеси, системасының ҳәм тараўының раўажланыўына қосқан жеке үлеси, өз тараўына киргизген инновациясы, жумысы арқалы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысқа келтирген әмелий пайдасы, мийнетсүйгишлиги, пидайылығы, интизамы, қәбилети, жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги, жетискенликлери тараў ўәкиллери, кең жәмийетшилик тәрепинен тән алынғанына итибар қаратылады.

Сыйлық Өзбекстан Республикасының пуқараларына, пуқаралығы болмаған шахсларға ҳәм елимиздиң раўажланыўы жолында жан күйдирип киятырған шет ел пуқараларына бериледи.

Сыйлыққа талабанлар ушын министрликлер, мәкемелер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, кәрханалар, шөлкемлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамының аймақлық Кеңесиниң баслықлары тәрепинен усыныслар ҳәм талабанның жумысына байланыслы ҳүжжетлер усынылады.

Сыйлықлаў ҳәр жылы декабрь айында өткерилип, жеңимпазларға Өзбекстан Республикасында әмелде болған ең кем мийнет ҳақының 30 (отыз) есеси муғдарында ақшалай сыйлық, статуэтка ҳәм арнаўлы диплом тапсырылады.

Баспасөз концеренциясында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.