Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасында Нөкис әскерий прокурорының аға жәрдемшиси, капитан С.Қалендаровтың «Коррупцияға қарсы гүрес» атамасында басқарма жеке қурамы менен ушырасыўы болып өтти.

– Ушырасыў Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының талапларын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы 2017-жыл 2-февральдағы қарарында көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкери И.Қосбаев.

Ушырасыўда бул иллеттиң миллий қәўипсизликке қәўпи ҳаққында айтылып, бир қатар мысаллар келтирилип, коррупцияның қандай ақыбетлерге алып келетуғынлығы, оның мәмлекетке ҳәм жәмийетке келтиретуғын зыяны туўралы түсиниклер берилди.

Ушырасыўда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усы мазмундағы ушырасыўлар даўам етеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.