Елимиздиң билимлендириў тараўы аўыр жоғалтыўға ушырады. Пидайы педагог, меҳрибан устаз, Өзбекстан Қаҳарманы Вера Борисовна Пак 80 жасында қайтыс болды.

Вера Пак 1938-жылы Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат районында туўылды. 1961-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық интитутының химия-биология факультетин питкерди.

Болажақ педагог өз мийнет жолын 1961-жылы Хийўа қаласындағы А.С.Пушкин атындағы 3-улыўма билим бериў мектебинде химия ҳәм биология пәнлери оқытыўшысы сыпатында баслады. Усы мектепте жас әўладтың билимли перзентлер болып камалға келиўине мүнәсип үлес қосты.

1985-2015-жылларда Хорезм ўәлаятындағы 20-Меҳрибанлық үйиниң басшысы, 2015-2018-жылларда Хийўа қаласындағы «Меҳрибанлық қалашасы»ның директоры лаўазымларында мийнет етти.

Вера Пак  2004-2009-жылларда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы сыпатында нәтийжели жумыс алып барды.

Ол өзиниң 57 жыллық педагогикалық жумысы даўамында ата-ананың меҳрине зар көплеген балалардың жүрегинде өмирге, келешекке беккем исеним оятқан еди. Олардың Ўатанымызға, халқымызға садық перзентлер болып камалға келиўинде пидайылық пенен мийнет етти.  Меҳрибанлық үйиниң тәрбияланыўшылары бийғәрез өмирге қәдем қойғаннан соң да оларды руўхый жақтан қоллап-қуўатлап, жас жигит-қызлардың кәсип-өнер үйрениўи, шаңарақ қурып, турақ жай менен тәмийинлениўи жолында жанкүйерлик көрсетти.

Устаз Вера Пактың елимиздиң тәлим-тәрбия тараўын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол 1992-жылы «Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен халық билимлендириў хызметкери» ҳүрметли атағы,  2001-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы менен сыйлықланған еди.

Меҳрибан устаз, пидайы педагог, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан Вера Борисовна Пактың жарқын естелиги жүреклеримизде бәрқулла сақланып қалады.

Ш.Мирзиёев, Н.Йўлдошев, Н.Исмоилов,

А.Арипов, А.Абдувахитов, Ш.Шерматов