Гаваи архипелагындағы узынлығы 1 километр, ени 120 метр болған шығыс атаўы даўылдан кейин суў астына ығып кетти. Бул ҳаққында Lenta.ru хабар бермекте.

Бул атаўда суўда жасайтуғын сийрек гезлесетуғын бир неше ҳайўанлардың түрлери болған. Олардың ишинде монах-итбалықлары ҳәм жасыл реңли теңиз тасбақалары бар.

Атаўдың 90%и суў астына кеткен. Илимпазлардың ойынша, бул дүнья жүзилик температураның көтерилиўи менен тығыз байланыслы жағдай. Тропикалық циклонлардың саны ҳәм күши көбейип, теңиз қәдди көтерилди. Илимпазлар Гаваи архипелагының басқа да атаўлары жақын арада суў астына кетиўи мүмкинлигин болжамақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.