Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Ғазнашылығында Қаржы министрлиги системасындағы жуўапкер қәнигелер, журналистлердиң қатнасыўында ашық сәўбетлесиў болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – қаржы министри Жамшид Қўчқоров 100 мың сумлық купюра ҳаққында берилген сораўға жуўап берди, деп жазады Kun.uz.

«Бул мәселе менен Орайлық банк шуғылланады. Бир нәрсени түсинип алың, купюраны айланысқа түсириў ҳаққындағы хабар бирден жәрияланбайды. Оны басып шығарыў, таярлаў керек, Президент тәрепинен тастыйықланады. Тек усыннан кейин ғана жәрияланады. Ҳәзир мен бул ҳаққында мағлыўматқа ийе болғанымда да, буны айтпаған болар едим. Бирақ, ҳәзир мен расы менен ҳеш нәрсени билмеймен. Бул мәселе менен тек ғана Орайлық банк шуғылланады», – деди қаржы министри.

Еслетип өтемиз, алдын Орайлық банк 100 мың сумлық купюралар шығарылыўы ҳаққындағы хабарларды бийкарлаған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги