Россия – дүньядағы жер майданы бойынша ең үлкен мәмлекет екенлиги ҳәммемизге белгили. Оның көлеми 17 075 400 квадрат километр болып, АҚШтан 1,8 есеге үлкен. Россияның жер майданы шама менен Плутон планетасы көлемине тең. Россия ҳаққында биз билмеген мағлыўматлар оғада көп. Олардың арасынан 10 фактти сизлердиң итибарыңызға усынамыз.

 

1. «Ключевская Сопка» – бул Евразия материгиндеги ең актив вулкан есапланады. Вулканның жасы шама менен 7000 жылға тең. Оның бийиклиги 4750 метрден 4850 метрге шекем жетеди.

 

2. Санкт-Петербург метросы – дүньядағы ең терең метро. Оның орташа тереңлиги 100 метрге тең.

 

3. Санкт-Петербургтағы көпирлер Венеция көпирлерине қарағанда 3 есеге көп.

 

4. «Транссибирь» темир жол магистралы – дүньядағы ең узын темир жол линиясы болып табылады. Москва менен Владивостокты бирлестиретуғын «Уллы Сибирь» темир жол линиясының узынлығы 9 228 километр. Бул темир жол 87 қала ҳәм бир неше аўылларды, 8 ўақыт аймағын және 16 дәрьяны кесип өтеди.

 

5. Дүньядағы ең терең ҳәм суўы душшы көл – Байкал көли есапланады. Бул көл Россияның Шығыс Сибирь аймағында, Буратия Республикасы ҳәм Иркутск областы шегарасында жайласқан. Көлдиң тереңлиги 1642 метр, майданы 31,5 мың квадрат километр, узынлығы 636 километр болып, Жер шарындағы барлық душшы суўлар қорының 22 процентин усы көл қурайды. Усындай муғдардағы ишиўге жарамлы суўдың бир жерге топланыўы тәбияттың қайталанбас әжайыбаты болып табылады. Суўы оғада тынық болғанлықтан 40 метр тереңликтеги көлдиң түбин көриўге болады. Суў отларына да оғада бай.

 

6. Россияның мәденият орайы есапланған Санкт-Петербург қаласында 2000 китапхана, 221 музей, 100 концерт залы, 80 нен аслам театр, 80 мәденият үйи, 62 кинотеатр, 45 галерея имараты бар.

 

7. Москвадағы Кремль – дүньядағы ең үлкен орта әсирге тийисли қала болып табылады.

 

8. Москва метросының узынлығы 379,1 километрди қурайды. Бәндиргилериниң саны 221.

 

9. Дүньяға белгили компьютер ойыны болған «Tetris»ти россиялы программист Алексей Пажитнов 1985-жылы ойлап тапқан.

 

10. Эрмитаж – дүньядағы ең үлкен ҳәм тарийхы бай музейлердиң бири есапланады. Ол жерде тас әсиринен баслап бизиң эрамызға шекемги 10 миллионнан аслам көркем өнер дөретпелери бар. Егер усы дөретпелерди қалдырмай тамашалаў ушын ҳәр бирине 1 минут жумсасаңыз, онда музейде 25 жыл даўамында күнине 8 саат ўақыт сарплайсыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.