Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-май күнги «Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў инспекциясы жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы 3699-санлы қарарына тийкарланып Бас Прокуратура жанында Агросаноат комплекси ҳәм азық-аўкат қәўипсизлиги тәмийинлениўи үстинен қадағалаў Инспекциясы ашылып, усы жылдың 1-август күнинен баслап өз жумысларын алып бармақта.

Инспекцияның Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы тәрепинен аўыл-хожалығы техникаларынан пайдаланыў жағдайы үйренилгенде, техникалардың мәмлекетлик дизимнен ҳәм жыллық техникалық тексериўден өтпей, насаз ҳалда пайдаланып атырғанлығы анықланбақта.

Сонлықтан, аўыл-хожалығы техникаларын қысқа мүддет ишинде саз ҳалатқа келтирип, мәмлекетлик дизимнен өткериў, ески түрдеги мәмлекетлик белгилерин таза типтеги мәмлекетлик белгиге алмастырыў, жыллық мәжбүрий техникалық тексериўден өткериў талап етиледи.

Республикада усы жағдайларды үйрениў жумыслары ҳәм рейдлер өткерилиўине байланыслы жоқарыда айтып өтилген жумыслар әмелге асырылмаған жағдайда

1.Физикалық шахслар ушын: Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 112-статьясы менен ең кем мийнет ҳақының үштен бир есеси  (61433 сум) нен, бир есеси (184300 сум) не шекем ҳәм механизаторлардың бир жылға шекем техникаларды басқарыў ҳуқуқынан айрылыўына.

2.Юридикалық шахслар ушын: Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 139-статьясы менен ең кем мийнет ҳақының үш есеси (552900 сум) нен, бес есеси (921500 сум) не шекем жәриймаға тартылыўына себеп болатуғынлығын  еслетип  өтемиз.

Буннан басқа, тракторшы-машинист қәнигелиги бар пуқаралар ушын имтиханлар алып гүўалықлардың берилиўи, басқа бир пуқара атында болған техникаларды басқарыў ушын нотариус тәрепинен берилген исеним хатларының дизимге алыныўы, кредитлер алыў ушын техникаларды гиреўге қойыў ҳәм кредит төлемлери төленгеннен кейин гиреўден шығарыў жумыслары бойынша Инспекцияның районлық, Нөкис қалалық бөлимлерине ҳәм 222-31-14 исеним телефонына хабарласыўыңызға болатуғынлығын мәлимлейди.

 

Прокуратура Инспекциясының

Қарақалпақстан Республикасы Басқармасы.