Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-октябрь күни жоқары билимлендириў тараўын буннан былай да раўажландырыў, кадрлар таярлаўдың сапасын арттырыў, илим ҳәм өндирис интеграциясын кеңейтиў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Кейинги жылларда жоқары билимлендириўди жаңа басқышқа көтериўге қаратылған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Заманагөй билимлендириў стандартлары, студентликке қабыл етиўдиң ашық-айдын системасы енгизилди. 2018-жылы улыўма қабыллаў квоталары өткен жылға салыстырғанда 30 процентке артты.

Президент қарарлары менен тастыйықланған 2017-2021-жылларда жоқары билимлендириў мәкемелерин раўажландырыў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша бағдарламалар профессор-оқытыўшылар ҳәм кең жәмийетшилик тәрепинен унамлы қабыл етилди.

Усы жылы мәмлекетимизде жәми 13 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, Самарқандта «Жипек жолы» туризм халықаралық университети, Россия Федерал мәмлекетлик автономиялы жоқары билимлендириў мәкемеси «Миллий технологиялық изертлеўлер университети»ниң Алмалық қаласындағы филалы, Ташкент қаласында Қубла Кореяның Пучон университети жумыс баслады.

Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 25-сентябрьдеги пәрманы менен Министрлер Кабинети жанында «Эл-юрт умиди» қоры дүзилди. Бул қор сырт еллерде жумыс алып барып атырған потенциалы жоқары ўатанлас илимпазларды, қәнигелерди ҳәм экспертлерди Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға жедел тартыўға, сондай-ақ, талантлы жаслардың раўажланған мәмлекетлерде билим алыўы, жетекши халықаралық институтлар ҳәм сырт ел шөлкемлеринде қәнигелигин арттырыўға жәрдемлеседи.

Быйылғы жылы биринши мәрте халықаралық тәжирийбелер тийкарында жоқары билимлендириў мәкемелериниң миллий рейтинги жаратылды, билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў процесслери талланды. Бул таллаў тараўда бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер бар екенлигин көрсетти.

Атап айтқанда, жоқары билимлендириў мәкемелери қабыллаў квотасының қамтып алыўы улыўма билим бериў мектеплери, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлери питкериўшилерине салыстырғанда 7-9 процентти қурайды. Бул көрсеткиш Россияда 74, Корея Республикасында 96 процент.

Мәжилисте жоқары билимлендириў мәкемелериниң абырайы, профессор-оқытыўшылардың потенциалы халықаралық илимий жәмийетшиликте мүнәсип орынға ийе емеслиги атап өтилди. Билимлендириў процесине дүняда тән алынған илим ғайраткерлери, жоқары маманлықтағы профессор-оқытыўшыларды тартыў жақсы жолға қойылмағаны сынға алынды.

Ректор ҳәм проректорларды тайынлаўда профессор-оқытыўшылардың пикири үйренилмей атырғанының нәтийжесинде жаңадан тайынланған басшының жәмәәт пенен ислесиў нәтийжелилиги жеткиликли болмай атыр.

Илимди раўажландырыў, изертлеўлерди өндирис пенен интеграциялаў, илимий жумыстың нәтийжелилигин арттырыў, қәбилетли студентлер илимий излениўлер алып барыўы ушын зәрүр шараятлар жаратылмаған.

Билимлендириў процессине инновациялық методикаларды енгизиў, оқыў сабақлықларын ислеп шығарыў менен сәйкесликти тәмийинлеў ҳәм ең тийкарғысы, профессор-оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў жумыслары улыўма қанаатландырарсыз жағдайда.

Жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысын үйрениў, оларды аттестациядан өткерип, аккредитациялаў, ҳүжжетлерди нострификациялаў тәртиплери бүгинги күнниң талапларына пүткиллей жуўап бермейди.

– Экономика жедел раўажланып атырған бир ўақытта жоқары билимлендириў системасы раўажланыўдың локомотиви болыўдың орнына, заман менен тең қәдем тасламай атырғаны ашынарлы. Мийнет базарындағы структуралық өзгерислерге жуўап беретуғын, жасларымызға кәсип-өнер үйрететуғын, оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестиретуғын система жоқ десек, бул да ашшы ҳақыйқат, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Сонлықтан тараўдағы кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларды орынлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Студентлерди қабыллаўдың әпиўайыластырылған системасын енгизиў арқалы қабыллаў процесин квота системасынан мәмлекетлик буйыртпа ҳәм дифференциялласқан төлемли-контракт системасына өткериў зәрүрлиги атап өтилди. Жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық абырайын арттырыў, педагог кадрлардың илимий-педагогикалық жумысын мүнәсип хошаметлеў мақсетинде орайласқан қаржыландырыўдан өз-өзин қаржыландырыў ҳәм экономикалық бийғәрез системаға өтиў ўазыйпасы қойылды.

Ректорлар ҳәм проректорларды тайынлаўды әпиўайыластырыў, профессор-оқытыўшылардың жумысын турақлы баҳалаў, мәнзилли хошаметлеў, жуўапкершиликти арттырыў системасын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Өзбекстан ректорлар кеңесиниң жумысын да түп-тийкарынан жетилистириў ўақты келгени атап өтилди. Ректорлардың маманлығын баҳалаў, бунда олардың руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий потенциалына айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары билимлендириўдеги ең тийкарғы ўазыйпа студентлердиң билимин баҳалаў, оқыў бағдарламалары және әмелдеги тәлим-тәрбия ситемасын жетилистириўден ибарат екенин атап өтти.

Сырт елде тәлим алып атырған жаслардың Ўатанымызға қайтып келиўине шараят жаратыў мақсетинде  сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң дипломларын тән алыў ҳәм нострификация етиў тәртибин буннан былай да әпиўайыластырыў, жоқары билимлендириў мәкемелерин аттестациядан өткериў ҳәм аккредитациялаў процесин жетилистириўге қаратылған ҳүкимет қарарының жойбарын таярлаў ўазыйпасы жүкленди.

Мәжилисте Өзбекстан – Россия билимлендириў форумының нәтийжелерине де итибар қаратылды.

Мәлим болғанындай, бул форумның жуўмағында россиялы шериклер менен билимлендириў ҳәм илимий жумысқа байланыслы 114 шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылған. Соның ишинде, Өзбекстанда Россияның 6 абырайлы жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалы ҳәм 2 факультет ашылыўы, 52 қоспа билимлендириў бағдарламасы енгизилиўи нәзерде тутылған. Ҳәр бир келисим бойынша «жол карта»лары ислеп шығылған.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигине тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы «жол карта»ларында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берилди. Ҳәр бир филиал, факультет ҳәм қоспа бағдарламалар бойынша тийисли ҳуқықый ҳүжжетлерди сапалы ислеп шығыў, тастыйықлаў ҳәм әмелде орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлиги атап өтилди.

Дүзилип атырған бул факультетлерди филиалға айландырыў илажларын көриў алдағы ўазыйпалар болып табылады.

Мәжилисте илимди раўажландырыўға қаратылған келисимлер тийкарында профессор-оқытыўшылардың илимий-педагогикалық потенциалын беккемлеў, қәнигелигин арттырыў, жоқары билимлендириў системасына илимий-технологиялық исленбелер ҳәм информациялық технологияларды кеңнен енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Президентимиз келеси жыл Россияда болып өтетуғын гезектеги форумға пуқта таярлық көриў мақсетинде ҳәзирден анық режелер белгилеп алыў зәрүрлигин атап өтти.

ӨзА