Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья таныўын кеңейтиў, ана Ўатанымызға садық бәркамал шахсты тәрбиялаў мақсетинде «Шаңарақларға китап тарқатып..» сүрени астында акция өткерилмекте.

-Акция шеңберинде Елликқала районындағы Бостан академиялық лицейиниң оқыўшысы Зухра Мақсадованың «Пәрўаз» деп аталған китабын таныстырыў мәресими болды. Илажда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти М.Абдуқундузов, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик қоры  Елликқала районлық бөлиминиң баслығы Ф.Ибадуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының әҳмийетине, сондай-ақ, дөретиўши жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти. Бостан академиялық лицейиниң оқыўшысы Зухра Мақсадова  мине усындай қәбилетли жаслардан бири болып табылады. Оның әдебиятқа, соның ишинде, поэзияға болған қызығыўшылығы нәтийжесинде бүгинги күнге үш китабы басылып шықты.

-Илажды өткериўдеги мақсет, халқымыз, соның ишинде жасларымыз арасында китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, жас әўладтың руўхый-интеллектуаллық потенциалын, сана-сезимин ҳәм дүнья таныўын кеңейтиў, билимлендириў мәкемелериндеги мәлимлеме-ресурс орайларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў болып табылады,-дейди республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлимшесиниң баслығы Айша Матниязова.- Бул бағдарда районымыздағы улыўма билим бериў мектеплеринде, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде бүгинги күнге 12 мәрте илаж өткерилди. Атап айтқанда, «Қылшынақ» аўыл пуқаралар жыйынында «Ең үлгили китапқумар шаңарақ» таңлаўы, Өзбекстан жаслар аўқамы районлық кеңеси менен биргеликте «Перзентиме китап саўға етемен»  акциясы өткерилип, жеңимпазлар сыйлықланды.

Акция соңында райондағы билимлендириў мәкемелериниң мәлимлеме-ресурс орайларына китаплар саўға етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.