Бүгин мәмлекетимиз раўажланыўдың жаңа басқышына жедел қәдем тасламақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын арттырыў, халқымыздың абадан ҳәм бахытлы жасаўын тәмийинлеў, Ўатанымыздың халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге қаратылып атырған итибар өз нәтийжесин бермекте.

Бул процессте исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, халықтың исбилерменлик жумыс пенен шуғылланыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратыў, бул бағдардағы машқалалар менен кемшиликлерди сапластырыў, сырт елли инвесторларға қолайлы инвестициялық орталықты қәлиплестириў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бирақ, сыр емес, аймақларды жедел социаллық-экономикалық раўажландырыўды тәмийинлеў, исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ҳәм инвестициялар, соның ишинде, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында көрилип атырған илажлар бир қатар системалы машқала ҳәм кемшиликлерге дус келмекте.

Усы мәниде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 11-сентябрьдеги «Аймақларда исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды жедел әмелге асырыўды шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3939-санлы қарары қабыл етилгени  аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыўға исбилерменлик субъектлерди кеңнен тартыў, исбилерменлик басламалар менен жойбарлардың өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, бос турған объектлер, жер участкалары ҳәм басқа да инфраструктурадан нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў мақсетине хызмет етип атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Усы қарарға муўапық Аймақларда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў комиссиясы және Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша аймақлық топарлар шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестирилген жумысшы топар тәрепинен усы қарардың орынланыўы бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, 2018-жылдың 18-октябрь ҳалатына жумысшы топар тәрепинен 650 ден аслам исбилерменлер менен сөйлесилди және орынларға барып, оларды қыйнап атырған машқалалар ҳәр тәреплеме үйренип шығылды.

Сөйлесиўлер ҳәм үйрениўлер даўамында Қарақалпақстан Республикасы бойынша жәми 377 исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатлары дизимге алынған болып, соннан кредит алыў мәселесинде 217 (58 процент) соның ишинде, 149 мектепке шекемги билимлендириў жойбарлары бойынша Мәмлекетлик бағдарламаларды қаржыландырыў қоры тәрепинен қаржы ажыратыў имканы жоқлығы себебинен мүрәжат еткен.

Мүрәжатлардың 88 и унамлы шешилди. Исбилерменлик субъектлеринен кредит қаржыларын ажыратыўда 50 (57 процент), имаратларды ижараға бериўде 2 (2 процент), жер майданларын ажыратыўда 6 (7 процент), коммуникацияларға жалғаўда 5 (6 процент) және басқа да мәселелерде 25 (28 процент) мүрәжат усылардың қатарына киреди.

Сондай-ақ, бос турған жер майданларын ажыратыў бойынша , инженерлик-коммуникация ҳәм объектлерди иске қосыў 36 (10 процент), Мәмлекетлик объектлерди сатып алыў ҳәм ижараға алыў 24 (6 процент), инженерлик коммуникация ҳәм объектлерди иске қосыў 10 (3 процент), және 90 (24 процент) басқа да мүрәжатлар усылардың қатарына киреди.

Қарақалпақстан Республикасында пайдаланылмай турған  жер майданларын сатыўға қойыў бойынша ҳәзирги ўақытқа шекем Республика бойынша 612 бос турған жер майданы анықланған. Соннан «YER ELEKTRON» автоматластырылған мәлимлеме системасында 268 лот қойылған (соның ишинде, ПҚ-3939-санлы қарар бойынша 92 лот, МКҚ-493-санлы қарары бойынша 176 лот).

Сондай-ақ, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2639, соның ишинде, мәмлекетлик объектлер 329 (12,5 процент), капиталда мәмлекеттиң қатнасы болған кәрханалардың объектлери 57 (2,2 процент),  алдын ала меншиклестирилген (приватизация)181 (6,9 процент) ширкет объектлери 339 (12,8 процент), жеке меншик мүлк объектлери 1384 (52,4 процент), ийесиз объектлер 336 (12,7 процент) және фундамент ямаса қурылыс майданларына (13,3 гектар) ийе басқа да объектлер 13 (0,5 процент) бос турған объект анықланған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестирилген жумысшы топар тәрепинен үйренилген машқалаларды сапластырыў, аймақлардың зәрүрлиги ҳәм потенциалынан келип шығып, инвестиция киргизиўди талап ететуғын перспективалы жойбарларды исбилерменлик субъектлери тәрепинен қоллап-қуўатланған ҳәм тийисли аймақта әмелге асырыў усыныс етилип атырған перспективалы жойбарларды жедел үйренип шығыў илажларын көриў, потенциаллы жоқары инвесторлар менен сөйлесиўлер ҳәм ушырасыўлар өткериў, орынларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер дәрежесинде шешилмеген исбилерменлик жумысы менен байланыслы машқалалы мәселелерди, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, перспективалы исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныслар киргизиў, министрликлер менен уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, сондай-ақ, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары дирекцияларының исбилерменлик басламалары менен жойбарларын жедел әмелге асырыў бойынша жумысын муўапықластырыў бағдарында да бир қатар жумыслар избе-из әмелге асырылмақта.

Сизде бул мәселелерде, яғный исбилерменлик басламаларды ҳәм жойбарларды әмелге асырыў тилеги болса, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде дүзилген жумысшы топардың investrk3939@gmail.com электрон почтасы ҳәм (0861) 222-48-58    және (899) 459-39-39 номерлерине мүрәжат етиўиңиз мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети