Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша РоссияФедерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен елимизде болды.

Өзбекстан ҳәм Россия ўақыт сынағынан өткен стратегиялық шериклер болып табылады. Президентлеримиздиң стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларды беккемлеў жолындағы исенимли ҳәрекетиниң нәтийжесинде еллеримиз арасындағы бирге ислесиў сапа жағынан жаңа, және де жоқары басқышқа көтерилди.

Өзбекстан ҳәм Россия басшыларының бул ушырасыўы жоқары дәрежедеги турақлы қарым-қатнастың логикалық даўамы болып табылады. Өз-ара исеним ҳәм конструктивликке тийкарланған сиясий сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықлардың узақ мүддетли перспективалы ҳәм әҳмийетли бағдарларына тийкар жаратпақта.

Сапар етиўдиң тийкарғы илажлары 19-октябрь күни Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин тар шеңберде сөйлесиў өткерди.

Президентимиз жоқары мәртебели мийманды қызғын қутлықлап, Өзбекстан ҳәм Россия қатнасықлары кейинги еки жылда және де беккемленгенин атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Москва қаласында Биринши Президентимиз Ислам Кәримовқа естелик орнатылғаны ушын көп миллетли Өзбекстан халқы атынан шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Кейинги бир жылда жоқары дәрежеде 80 нен аслам сапар етиўлер әмелге асырылды. Аймақлар арасында тығыз бирге ислесиўди жолға қойдық. Бүгин Ташкентте Аймақлараралық бирге ислесиў форумы болып өтпекте. Онда Россия аймақлары, жәмийетшилиги ҳәм бизнесиниң мыңнан аслам ўәкили қатнаспақта. Усы жылдың басынан ҳәзирге шекем товар алмасыўдың көлеми 30 процентке өсти. Ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта, деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы және бир стратегиялық жойбар – мәмлекетимизде биринши атом электр станциясы қурылысы жойбары басланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Владимир Путин мәмлекетимиз басшысына мирәт еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстан Россияның исенимли аўқамласы, стратегиялық шериги екенин атап өтти.

Сизиң Россияға өткен жылғы мәмлекетлик сапарыңыздан кейин еки тәреплеме қатнасықлардың барлық тараўларында үлкен өзгерислер болды. Бул жерде гәп, бәринен бурын, экономика ҳаққында болмақта. Биз Өзбекстан қаншелли тез ҳәм түп-тийкарынан раўажланып атырғаны, мәмлекеттиң экономикасы ҳәм халқы ушын зәрүр реформалар әмелге асырылып атырғанының гүўасы болмақтамыз, деди Россия Президенти.

Ушырасыўда бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм оны ҳәр тәреплеме раўажландырыў, ҳәр қыйлы тараўларда жаңа қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыў мәселелери додаланды, мәмлекетлеримиздиң баслы регионаллық ҳәм халықаралық мәселелерге байланыслы көзқараслары сәйкес ямаса жақын екени атап өтилди.

Тәреплер БМШ, ҒМДА, ЕҚБШ ҳәм басқа да абырайлы халықаралық структуралар шеңберинде өз-ара бирге ислесиўди даўам еттириўге таяр екенин тастыйықлады.

Президентлер қәўипсизлик тараўында өз-ара исеним ҳәм мәплерди есапқа алыў принциплерине тийкарланған шериклик қатнасықларын кеңейтиў Орайлық Азия регионындағы жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў ўазыйпаларын бирликте шешиўге хызмет ететуғынын атап өтти.

Терроризм, экстремизм, әсиресе, жаслар арасында радикалласыўға қарсы гүресиў бойынша ҳәрекетлерди муўапықластырыў бойынша пикир алысылды.

Тәреплер Аўғанстанда тынышлық орнатыў процесин аўған халқының өзи әмелге асырыўы зәрүр екенин және бир мәрте атап өтти. Россия Өзбекстанның Аўғанстанда тынышлық процесине көмеклесиў бағдарындағы әҳмийетли ис-ҳәрекетлерин жоқары қәдирлейди.

Мәмлекет басшылары Орайлық Азияда өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели регионаллық бирге ислесиўдиң раўажланыўында унамлы тенденциялар бақланып атырғанын атап өтти.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Президенти Владимир Путин сөйлесиўлерин еки мәмлекет делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам еттирди. Онда саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әмелий тәреплери додаланды.

Россия Өзбекстанның әҳмийетли саўда шериклеринен бири. Мәмлекетлеримиз арасындағы саўда жедел пәтлер менен өсип бармақта.

Сөйлесиўлерде товар алмасыўдың көлемин арттырыў ҳәм номенклатурасын диверсификациялаў, өндирис кәрханалары арасындағы кооперацияны раўажландырыў, транспорт ҳәм энергетика тараўларында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Сентябрь айында ҳүкимет басшыларының басшылығында Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси табыслы өткерилди. Аймақлар арасындағы бирге ислесиў раўажланбақта. Россияның жетекши компаниялары ҳәм банклери менен биргеликте ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Есап-санақлар бойынша быйыл товар аламасыўдың көлеми 6 миллиард долларға жетеди. Бул цифр режелестиргенимизден де зыят. Жақын жыллардағы ўазыйпа саўда айланысын 10 миллиард долларға жеткериў, деди Шавкат Мирзиёев.

Владимир Путин мәмлекетимиз басшысының пикирин толық қоллап-қуўатлады. Өзбекстан ҳәм Россия ҳүкиметлерине өз-ара товар аламасыўды көбейтиў бойынша зәрүр илажлар  көриў тапсырылды. Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын буннан былай да күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары сапар етиў шеңберинде улыўма нырқы 25 миллиард доллар болған саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық ҳүжжетлерге қол қойылғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бүгинги күнде Россияның мәмлекетимиз экономикасына қаратқан инвестицияларының көлеми 8,5 миллиард доллардан асады. Сапар етиў шеңберинде Президентимиздиң басламасы менен биринши мәрте өткерилген «Өзбекстан – Россия» аймақлараралық бирге ислесиў форумы бул бағдарда үлкен әҳмийетке ийе. Оның жуўмағында нырқы 2 миллиард доллардан аслам жойбарлар бойынша келисимге ерисилгени атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз арасында мәдений-гуманитарлық байланыслар кеңейип бармақта. Быйыл биринши мәрте Өзбекстан – Россия медиа-форумы өткерилди, күни кеше Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң 80 басшысының қатнасыўында Билимлендириў форумы болып өтти. «Жаңа экономика ушын жаңа кадрлар» атамасындағы бул форумға билимлендириў ҳәм илим тараўлардындағы бирге ислесиў, соның ишинде, елимизде Россияның жетекши жоқары оқыў орынларының филаиалларын ашыў ҳаққында 100 ден аслам келисимге қол қойылды.

Шавкат Мирзиёев бул кейинги ўақытларда шерикликте ерисилген жоқары шеклерден айырымлары екенин, Россия Президентиниң мәмлекетлик сапары Өзбекстан ҳәм Россия қатнасықларының раўажланыўына жаңа, күшли импульс бағышлайтуғынын атап өтти. Сойлесиўлерде мәдений-гуманитарлық байланысларды, әсиресе, илим, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Быйылғы оқыў жылынан Алмалық қаласында Москва полат ҳәм араласпалар институтының филиалы жумыс баслады. Мәмлекетимизде нәтийжели жумыс алып барып атырған Москва мәмлекетлик университети, Россия экономика университети, Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университети филиалларына қосымша рәўиште Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты, «ММФИ» миллий изертлеў ҳәм ядро институты, Россия химия-технология университети филалларын ашыў режелестирилген.

Илим тараўында өз-ара бирге ислесиўди жеделлестириў, соның ишинде, Жиззақ ўәлаятындағы Суффа платосында ири радиотелескоп қурыў жойбарын әмелге асырыў бойынша келисимге ерисилди.

Халықларымызды буннан былай да жақынластырыў мақсетинде мәмлекетимизде Өзбекстан – Россия жасларының төртинши форумы өткериледи.

2020-жылы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы белгиленеди. Мәмлекетимиз басшысы бул сәнени мүнәсип күтип алыў мақсетинде арнаўлы бағдарлама ислеп шығыў ҳәм Ташкентте «Жеңис» бағ-комплексин жаратыў режелестирилип атырғанын атап өтти.

Бул жер фашизмге қарсы гүресимиздиң нышаны болады, жас әўладты тарийхқа ҳүрмет, ўатансүйиўшилик ҳәм халықлар дослығы руўхында тәрбиялаўға хызмет етеди, деди Шавкат Мирзиёев.

Халықты, бәринен бурын, жасларды рус әдебиятының ең сайланды үлгилери менен кеңнен таныстырыў мақсетинде өзбек тилинде 100 томлық «Рус классикалық әдебияты дүрданалары» топламын басып шығарыў режелестирилмекте.

Сөйлесиўлердиң жуўмағында салмақлы ҳүжжетлер қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Бирликтеги билдириўге қол қойды.

Сапар етиў шеңберинде қол қойылған 2019-2024-жылларда экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы, 2019-2021-жылларда мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў бағдарламасы, «Суффа» халықаралық радиоастрономиялық обсерваториясын шөлкемлестириў бойынша жол картасы, Өзбекстанда Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филалларын шөлкемлестириў ҳәм жумысын тәмийинлеў ҳаққындағы келисим, Тоқымашылық санаатында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим өз-ара алмасылды.

«Мустақилликнинг 25 йиллиги» кәнин қосымша разведка етиў ҳәм үскенелеў және Сурхандәрья ўәлаяты газ-химия комплексин қурыў бойынша «Ўзбекистон мустақиллиги» инвестициялық блогына байланыслы қосымша келисимге, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға, Өзбекстанда Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институтының филалын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге, Илимлераралық илимий билимлендириў орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге, Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелери ректорлары кеңеси ҳәм «Пүткилроссия ректорлары аўқамы» жәмийетлик шөлкеми арасындағы келисимге, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳәм Россия Федерациясы Миллий гвардия әскерлери федерал хызмети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Сапар етиў даўамында жәми 20 ҳүжжетке қол қойылды.

Ғалаба хабар қураллары ушын брифингте Президентлер тар ҳәм кең шеңбердеги сөйлесиўлер ҳәр қашанғыдай ашық ҳәм исеним руўхында өткенини, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў ҳәм бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылғанын атап өтти. Бул өз-ара қатнасықлардың бүгинги жағдайын баҳалаў, көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарларын белгилеў имканиятын берди. Көрип шығылған мәселелер бойынша тәреплердиң позициясы бирдей яки жақын екени атап өтилди.

Мәмлекетлеримиз арасында дослық байланысларды ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған избе-из жеке ис-ҳәрекетлери ушын Россия Федерациясы Президентине айрықша миннетдаршылық билдиремен, деди Шавкат Мирзиёев.

Биз Өзбекстан Президенти менен конструктивлик ҳәм жүдә пайдалы сөйлесиўлер өткердик, еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы кең шеңбердеги мәселелерди ҳәр тәреплеме көрип шықтық, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе баслы мәселелер бойынша пикир алыстық, аўқамласлық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларымызды раўажландырыўдың әҳмийетли  бағдарларын белгилеп алдық. Булардың бәри биз қол қойған Бирликтеги билдириўде өз көринисин тапты. Онда мәмлекетлеримиз министрликлери, уйымлары ҳәм шөлкемлери алдындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша анық ўазыйпалар белгилеп берилген, деди Владимир Путин.

Күнниң екинши ярымында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен бирге Мустақиллик майданына барып, Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүл қойды.

Президентлер «Өзэкспоорай»дағы «Өзбекстан – Россия» биринши регионлараралық бирге ислесиў форумына барды. Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путин символикалық түймени басып мәмлекетимиздеги биринши атом станциясы қурылысы жойбарының басланыўына старт берди.

Россия Федерациясы Президентиниң елимизге мәмлекетлик сапары кең көлемли еки тәреплеме бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға айрықша пәт бағышлады.

ӨзА