Ҳүрметли Уллы Мәртебели Мырза Президент!

Нью-Йоркта болып өткен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамлеясы шеңберинде Сиз бенен ушырасыў имканияты және ашық ҳәм шын жүректен сөйлесиў ушын миннетдаршылық билдиремен.

Сизди Өзбекистанды жедел раўажланған жеке секторға, инклюзив ҳәм турақлы раўажланып атырған экономикаға ийе заманагөй мәмлекетке айландырыў жолындағы жумысыңыз бенен тағы бир мәрте қутлықлайман.

Жәҳән банки топары Сизиң бул бағдардағы жумысыңызды қоллап-қуўатлаўға таяр екенин, Сиз тәрепиңизден шөлкемимизге билдирилип атырған исенимди жоқары қәдирлейтуғынымызды айрықша атап өтпекшимен. Биз Өзбекистандағы экономикалық ҳәм социаллық реформаларды қоллап-қуўатлаўда Сизиң жетекши шеригиңиз болыўға таярмыз, өткен ҳәпте улыўма нырқы 450 миллион АҚШ долларына тең үш инвестициялық жойбарға қол қойғанымыз соннан дәрек береди. Бул жойбарлар Өзбекистанға электр энергетикасы, ирригация ҳәм шарўашылық тармағын раўажландырыўды хошаметлеў ушын зәрүр болатуғын инвестиция киргизиў имканиятын береди.

Сизиң мийўе-овощты ҳәм шарўашылықты раўажландырыў арқалы аўыл хожалығы саласын диверсификациялаў ҳәм нәтийжелигин арттырыўға қаратылып атырған айрықша итибарыңыз менде үлкен тәсир қалдырды. Пахта жыйым-теримине қатнасыўшылардың мийнетине ҳақы төлеўди жақсылаў және бурын қолланылған мийнет түрлерин сапластырыў бойынша қатаң ҳәрекетиңиз жүдә унамлы қабыл етилди.

Мен Сизиң техникалық ҳәм қаржылай көмек бериў бойынша мүрәжатыңызды көрип шықтым және оларды таярлаў бойынша жумысты жеделлестириў бойынша тапсырма бердим. Сизиң басламаңыз бенен ислеп шығылған Өзбекистанды буннан былай да раўажландырыў бойынша кең көлемли реформалар процесинде талаплардың артыўын есапқа алып, биз елиңиз бенен Шерикшилик стратегиясы шеңберинде Жәҳән банки топары тәрепинен қаржыландырыўды жеделлестириў және структуралық реформаларды әмелге асырыў, социаллық ҳәм тийкарғы инфраструктураны модернизациялаў, аўыл хожалығын реформалаўда жоқары дәрежедеги техникалық жәрдем бериўге таярмыз.

Мен Жәҳән банки бас атқарыўшы директоры Кристалина Георгиева ҳәм регионаллық вице-президенти Сирил Мюллерге келешектеги бирге ислесиўимизди додалаў ҳәм келисип алыў ушын Сиз бенен жақын ўақытта ушырасыў бойынша тапсырма бердим. Сөйлесиўлеримиз даўам етиўин сабырсызлық пенен күтип қаламан.

Ҳүрмет пенен,

Жим Ёнг КИМ,

Жәҳән банки топары президенти