2018-жылғы өнимнен пахта шийки заты ҳаққындағы 21-октябрь күнги мағлыўматларға қарағанда, ҳәзирги ўақытта Әндижан ўәлаяты жетекшилик етпекте. Олар мәмлекетке пахта тапсырыў жобасын 80% тен арттырды. Кейинги орынларды Ферғана (78,87%) ҳәм Бухара (78,30%) ўәлаятлары ийелеп тур. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Қарақалпақстан 73,46% лик көрсеткиш пенен Хорезм ўәлаятынан (75,88%) кейинги орынды бәнт еткен.

Самарқанд (52,31%) ҳәм Ташкент (50,69%) ўәлаятлары ақырғы орынларда көрсетилген.

Республиканың улыўмалық жобасы 66,47% ке жеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги