Усы жылдың 14-19-октябрь күнлери Бухара ўәлаятында спорттың баскетбол түри бойынша 2003-2004-жыллар туўылған жас өспирим қызлар арасында Өзбекстан Республикасы чемпионаты өткерилди.

Жарысқа Қарақалпақстан Республикасынан республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби сайланды командасы қатнасты.

Жарыс үш топарға бөлинген ҳалда өткерилди. Онда «Б» топарында жақсы ойын алып барған, ҳәттеки, жергиликли Бухара ўәлаяты спортшыларынан үстем келген жерлеслеримиз финал ойынында Наманган ўәлаяты қызлары менен жарысқа түсти.

Финал жерлеслеримиздиң үстинлиги менен өтти ҳәм қарақалпақстанлы спортшы қызлар қарсыласларын 60:47 есабы менен жеңип, Өзбекстан Республикасы чемпионы болды.

Жарысқа спортшыларды тренерлерден Гөззал Танимова ҳәм Динора Бекназаровалар таярлады.

 

Султанбек Зияев,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының студенти.