Усы жылдың 7-19-октябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы орайлық «Туран» стадионында футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогы ушын жарыс өткерилди.

Оған республикамыз районларынан, сондай-ақ, мәкеме ҳәм шөлкемлерден 8 сайланды команда қатнасты.

19-октябрь күни барлық қарсыласларынан үстем келип, финалға шекем жетип келген еки команда – Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» ҳәм Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының «Прокуратура» командалары өз ара күш сынасты.

Маўасасыз руўхта өткен финал ойынында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «НМПИ» командасы қарсыласларын 2:1 есабы менен жеңип, быйылғы жылғы футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогының жеңимпазы болды.

Жарысқа спортшыларды институт дене мәденияты факультетиниң аға оқытыўшысы Жамал Бекмуратов таярлады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.