2018-жыл 19-октябрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының мәжилислер залында өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 29 жыл толыўы мүнәсибети менен «Глобалласыў дәўиринде өзбек тилиниң дәрежеси» («Глобаллашув даврида ўзбек тилининг мавқейи») атамасындағы илимий-әмелий конференция болып өтти.

Илажды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қуўандық Қадиров ашып берди ҳәм басқарып барды.

Конференцияда филология илимлериниң кандидаты, өзбек тили кафедрасының доценти Г.Қурбаниязов «Тил – руўхыйлығымыз айнасы» («Тил – маънавият кўзгуси») атамасында ҳәм усы кафедраның үлкен оқытыўшысы А.Султанова «Өзбек тилин оқытыўды жетилистириў мәселелери» («Ўзбек тилини ўқитишни такомиллаштириш масалалари») атамасында баянат жасады.

Атап өтилгениндей, 1989-жылы 21-октябрь күни Өзбекстан тарийхында алтын ҳәриплер жазылатуғын ҳәм өзбек халқы, мәмлекетшилиги ушын тарийхый әҳмийетке ийе болған ўақыя жүз берди – өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилди.

Бул тил неше әсирлерден берли ата-бабаларымыздан киятырған үлкен мийрас екенлиги, бүгинги глобалласыў шараятында тил оқытыўды жетилистириўдиң әҳмийети бойынша жыйналғанларға кең түсиник берилди.

Илаж даўамында институт студент-жаслары арасында сәне мүнәсибети менен өткерилген «Глобалласыў дәўиринде өзбек тилиниң дәрежеси» («Глобаллашув даврида ўзбек тилининг мавқейи») атамасындағы эсселер таңлаўында жеңимпаз болған студентлерға диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж институттың филология факультети қәбилетли студентлериниң атқарыўындағы ана Ўатан ҳәм ана тилин ҳүрметлеў, жаслар турмысындағы тил менен байланыслы айрым турмыслық көринислер сәўлеленген сахналық көринислер, қосықларды көркемлеп оқыў шығыўлары ҳәм концерт бағдарламасы менен даўам етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.