2018-жылдың июль-сентябрь айларында халық тәрепинен сезилген қысқа мүддетли инфляция индексинде көтерилиў бақланды.

Орайлық банк «Өзбекстан Республикасы халқы ҳәм кәрханаларының инфляциялық күтилмелери» атлы есабатты жәриялады.

Оған муўапық, быйылғы жылдың III шерегинде экономикадағы инфляциялық күтилмелер бойынша өткерилген сораўлардың нәтийжелерине бола инфляцияның халық ҳәм исбилерменлик субъектлери тәрепинен сезилген ҳәм күтилген дәрежелеринде сезилерли өзгерислер бақланды.

Атап айтқанда, жылдың биринши ярымындағы төменлеўден соң бул көрсеткишлер июль айынан баслап артып барды.

2018-жыл июль-сентябрь айларында халық тәрепинен сезилген қысқа мүддетли  инфляция индексинде көтерилиў бақланды.

«Бул сезилген инфляция индекси жыл басындағы көрсеткишлерге қарағанда төмен дәрежеде болса да оның өсиў динамикасы даўам етпекте, бул өз гезегинде, келешектеги инфляциялық күтилмелерге унамсыз тәсир етиўи мүмкин», делинген есабатта.

Есабатта айтылыўнша, сентябрь айында сораўда қатнасқан физикалық шахслар «Қайсы тийкарғы товар ҳәм хызметлердиң баҳасы жоқары дәрежеге артты?» сораўына тийкарынан помидор, мал гөши, гүриш ҳәм қой гөшин белгилеген.

Сондай-ақ, бул айда бурынғы айлардан өзгеше түрде картошка, бийдай уны, нан, таўық гөши, гешир баҳаларының артқанын көрсеткен респондентлердиң үлеси сезилерли дәрежеде артқан.

Ақырғы айларда гөш ҳәм гүриштиң баҳаларында сезилерли өзгерис жүз бермеген болса-да, июль-сентябрь айлары даўамында халық тәрепинен, мине, усы өнимлер баҳаларының жоқары дәрежеде артқанлығы атап өтилген.

Бул жағдай халықтың айырым тутыныў товарлары баҳаларының артыўына болған тәсиршеңлик дәрежесиниң жоқарылығын ҳәм бул тәсир баҳалар сезилерли дәрежеде өзгермесе де белгили бир мүддет сақланып қалатуғынын көрсетпекте.

9708591.jpg

ӨзА