Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев елимизде туризмди избе-из раўажландырыўдың перспективаларынан, туристлик объектлерден нәтийжели пайдаланыў, көрсетилип атырған хызмет түрлериниң сапасын арттырыў, елимизге келип атырған туристлер ағымын көбейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды талқылаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Оған Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.

Бүгинги күнде барлық тараўларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардан гөзленген тийкарғы мақсет елимиз экономикасын буннан былай да раўажландырыўға, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыўға қаратылған.

Туризм – экономиканың әҳмийетли тармақларынан бири. Қолда бар имканиятлардан нәтийжели пайдаланған ҳалда, бул тармақты буннан былай да жетилистириў зәрүр, буны дәўирдиң өзи талап етпекте, деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекистан ҳәм саяхат, ҳәм  зыярат ушын қолайлы мәмлекет. Себеби ана жеримизде пүткил дүньяға белгили бабаларымыз жерленген. Олар қалдырған бай руўхый-мәдений мийрасқа халықаралық майданда қызығыўшылық жүдә үлкен. Тараўды буннан былай да раўажландырыў ушын, бәринен бурын, зәрүр инфраструктураны жетилистириў шәрт. Бириншиси, транспорт, екиншиси, логистика, деп атап өтти Президентимиз.

Мәжилисте атап өтилиўинше, 2017-жылдың 9-айының жуўмақларына бола, дерлик 1 миллион 800 мың турист елимизге келген. Бул 2016-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 17 процентке көп. Елимизде туристлик хызметлер экспорты да 17 процентке көбейип, 1 миллиард 86 миллион долларды қураған. Жылдың ақырына дейин елимизге келетуғын туристлердиң саны 2,5 миллионнан асыўы күтилмекте.

Елимизде туризмниң жаңа перспективалары ашылып, түрли бағдарларда кең көлемли жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, соңғы жылларда альпинизм, атта, түйеде, велосипедте саяхат етиў, off-road саяхатлары, балық аўы, рафвтинг, хелиски, геотуризм, билимлендириў туризми, медициналық туризм сыяқлы жаңа туристлик бағдарлар ғалаба ен жаймақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекистан Республикасының туризм саласын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы туризм тармағын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў, туризмге экономиканың стратегиялық секторы статусын бериў, регионларда туризмниң потенциалынан нәтийжели пайдаланыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Пәрманда белгилеп берилген мақсетли ўазыйпалар және тийкарғы бағдарларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети шөлкемлестирилди.

Өткен қысқа дәўир ишинде Өзбекистанның туризм потенциалын комплексли раўажландырыўға қаратылған 16 нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Бул ҳүжжетлер тийкарында туризм саласы субъектлерине айтарлықтай салық ҳәм бажыхана және басқа да жеңилликлер усынылды.

Мәмлекетимиздиң туризм тармағын Стандартластырыў бойынша халықаралық шөлкем (8!9) талапларына сәйкес келиўин тәмийинлеў мақсетинде туризм терминологиясы ҳәм мийманхана хожалықлары қәўипсизлиги талаплары бойынша жаңа 2 мәмлекетлик стандарт ислеп шығылды ҳәм дизимнен өткерилди.

Булардан тысқары, Президентимиздиң тийисли қарары менен аймақларда туризм саласын басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятлары және Хийўа ҳәм Шахрисабз қалалары ҳәкимлериниң туризм мәселелери бойынша орынбасарлары лаўазымы енгизилди.

Өткен дәўир ишинде мәмлекетимиз басшысының тапсырмалары тийкарында Хорезм, Бухара, Самарқанд, Сурхандәрья, Қашқадәрья, Жиззақ ҳәм Ферғана ўәлаятларында туризм инфраструктурасын жақсылаў, жаңа туристлик бағдарларды шөлкемлестириў және аймақлардың туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған бағдарламалар қабыл етилди. Соның ишинде, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларында туристлер ушын күни-түни жумыс алып баратуғын, ҳәр бириниң аймағы 10 гектардан ибарат «Әййемги Бухара» ҳәм «Самарқанд сити» туризм аймақларын жаратыў бойынша жумыслар баслап жиберилген. Ташкент ўәлаятының Бостанлық, Паркент ҳәм Ахангаран-Ангрен туризм кластерлери аймақларында мийман үйлерин шөлкемлестириў бойынша комплексли илажлар ислеп шығылды ҳәм бүгинги күнде әмелиятқа енгизилмекте.

Президентимиздиң 2017-жыл 16-августтағы «2018-2019-жылларда туризм саласын раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди.

Қарарға бола, 2018-2019-жылларда тараўдың алдында турған әҳмийетли мәселелердиң шешимине бағышланған айрықша бағдарлама тастыйықланды ҳәм оның толық орынланыўын тәмийинлеў және тараўда алып барылып атырған жумысларды ведомстволараралық муўапықластырыў мақсетинде туризмди раўажландырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес дүзилди.

Бағдарлама тийкарында жоқарыдағы сыяқлы айрықша туризм аймақларын Ташкент, Үргенш қалаларында ҳәм Ферғана ўәлаятында шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, бағдарлама шеңберинде туризмниң медициналық, рекреация, агро ҳәм экотуризм бағдарлары бойынша айрықша бағдарламалар қабыл етилиўи де белгилеп қойылды.

Заманагөй туризмниң перспективаларынан бири – бийбаҳа тәбийғый орынлар есапланады. Өзбекистан Орайлық Азияда экотуризм ең раўажланған жетекши мәмлекет болып табылады. Елимиздиң бай ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясы, бийтәкирар ландшафт көриниси, миллий дәстүрлери ҳәм тағамлар асханасы менен туристлердиң итибарын тартып келеди. Угом-Чатқал Мәмлекетлик миллий тәбият бағы, оның қурамына киретуғын Чатқал мәмлекетлик биосфера қорықханасы, Айдар-Арнасай көллер системасы ҳәм Чимён-Чарвақ курорт-рекреация зоналарында Өзбекистанда туризмди раўажландырыў мәселелери шеңберинде салмақлы жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилисте ҳәр бир бағдар бойынша, яғный, Европа, Азия ҳәм басқа да регионлардан келетуғын туристлер ушын арнаўлы бағдарламалар ислеп шығыў, чартер рейслер ҳәм темир жолларда қатнаўлар санын көбейтиў, туризм раўажланған шет еллердиң тәжирийбесин терең өзлестириў, ишки туризмди раўажландырыў, саяхатшылық объектлерин жетилистириў, хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша өзиниң пикир-усынысларын билдирди.

Елимизде туризм бағдарында қәнигелер таярлайтуғын 5 жоқары оқыў орны, соның ишинде, Ташкенттеги Сингапур менеджментти раўажландырыў инстиуты және оннан аслам орта арнаўлы оқыў орынлары жумыс алып бармақта. Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети саяхатшылық саласында билим алып, тараўда мийнет етип атырған қәнигелердиң Европа және Азияның ири туристлик орайларында ҳәм оқыў орынларында маманлығын арттырыўға көмеклеспекте.

Тараў перспективасында тағы бир әҳмийетли нәрсе – бул аймақлардағы барлық мәдений-тарийхый мийрас объектлери, тәбийғый үлкетаныўшылық, миллий қорықхана аймақларының бирден-бир мағлыўматлар базасын жаратыў, туризм саласындағы нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, регионларда туризмди раўажландырыў ушын орынлардағы жергиликли ҳәкимият уйымларын ҳәм жәмийетлик күшлерди бирлестириўден ибарат. Бул бағдардағы избе-из жумысларды әмелге асырыўда елимизде беккем ҳуқықый база жаратылған болып, аймақлар ушын арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылған ҳәм процесс избе-из даўам еттирилмекте.

Елимиздиң туризм индустриясы жедел раўажланыўында жеке сектордың әҳмийетли қатнасын тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзир жүзлеген исбилерменлер менен өнерментлер туризм саласына тартылған болып, олар сувенир өнимлерин ислеп шығарыў, мийманхана хожалығы, туристлерге хызмет көрсетиў менен шуғылланады.

Туризмди раўажландырыўда  шет еллерде болып өтетуғын туристлик көргизбелер менен әнжуманлар үлкен әҳмийетке ийе. Елимиздиң миллий мәдений мийрасын шет еллерде ғалаба ен жайдырыў, елимизге шет елли туристлерди көбирек тартыў ҳәм ишки туризмди раўажландырыў мақсетинде елимиздиң туристлик шөлкемлери Мадрид, Рига, Берлин, Париж, Токио, Лондон, Москва, Стамбул сыяқлы дүньяның ири қалаларында бир қатар көргизбелер шөлкемлестирмекте ямаса халықаралық көргизбелерге қатнаспақта. Бул, әлбетте, өзиниң нәтийжесин берип, шет елли туристлердиң елимизге ағымы еле де көбеймекте.

Мәжилисте туризм индустриясын жедел раўажландырыўда жеке сектордың қатнасын буннан былай да көбейтиў, оларға жеңилликлер бериў, тараўда кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, жаңа туристлик өнимлердиң түрин көбейтиў мәселелери де көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкер комитет, министрлик ҳәм ведомстволардың басшыларына туризмди мәўсимлик емес, жыл даўамында дәрамат дәрегине айландырыў, шет елли шериклер менен байланысларды беккемлеў, туристлерди тартыўда жаңаша усыллар менен көз-қараслардан нәтийжели пайдаланыў, көрип шығылған мәселелер бойынша тийисли қарарлардың жойбарларын таярлаў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА