Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң елимизге мәмлекетлик сапары шеңберинде көплеген әҳмийетли әнжуманлар, форумлар ҳәм илажлар өткерилмекте. Өзбекстан-Россия билимлендириў форумы олар арасында айрықша әҳмийетке ийе.

Биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған бул форум еки елдиң жоқары билимлендириў системасы, илим, инновациялық технологиялар тараўының жуўапкерлери, илимпазлар, профессорлар, педагогикалық жәмийетшилик, жас изертлеўшилерди өз әтирапына жыйнады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдуваҳитов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов, жоқары билимлендириў министри И.Мажидов, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университетиның ректоры А. Мараҳимов,  Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң ректоры Б.Ходиев ҳәм басқалар кейинги жыллары жаңаланыў процесслери билимлендириўдиң барлық буўынлары, соның ишинде, жоқары билимлендириўде де өз сәўлелениўин таўып атырғанын атап өтти.

Бүгинги күнде жоқары билимлендириўдиң ҳәмме ушын теңлигин, ашық-айдынлығын, оған жаслардың қамтып алыныўын күн сайын кеңейтиў, оқыў орынларының базасын беккемлеў, жоқары билимлендириў системасына қабыллаў процесиниң әдиллигин, ашық-айдынлығын тәмийинлеў, дүньяның ең абырайлы университетлериниң филиалларын елимизде шөлкемлестириў жолында барлық ис-ҳәрекетлер жумсалмақта. Мийнет базарының талапларына сәйкес болған көплеген жаңа қәнигеликлер, бағдарлар шөлкемлестирилип атырғаны, жоқары билимлендириўде күндизги бөлим менен бирге сыртқы ҳәм кешки бөлимлердиң ашылғаны, билимлендириўде сапа жағынан түп-тийкарынан унамлы өзгерислерге қарай қәдем қойылып атырғаны, барлық буўынларда оқытыў процеси тәрбия менен тиккелей байланыслы ҳалда алып барылып атырғаны елимиз жоқары билимлендириў системасының буннан былай да тартымлылығын тәмийинлемекте.

«Жаңа экономика ушын – жаңа кадрлар» атамасында шөлкемлестирилген бул форумда усы ири илаждың Өзбекстан ҳәм Россия билимлендириў турмысындағы әҳмийетли ўақыя екенлиги айрықша атап өтилди.

Россия Федерациясы Президентиниң аймақлараралық ҳәм сырт еллер менен мәдений байланыслар басқармасының баслығы Владимир Черновтың атап өтиўинше, өткен шерек әсир даўамында еллеримиз арасындағы байланыслар тек сиясий-стратегиялық жақтан емес, ал өз-ара пайдалы, исенимли, ҳақыйқый бирге исесиў тийкарында кең жолға қойылды. Бунда өз-ара келисим ҳүжжетлерине қол қойылыўы менен бирге оларды турмысқа енгизиў де әҳмийетли болып есапланады. Бул болса өз-ара пикирлесиўдиң беккемлениўи менен тиккелей байланыслы.

– Бул форум өз-ара пайдалы режелерди биргеликте әмелге асырыў имканиятын береди, – дейди Россия Федерациясы илим ҳәм жоқары билимлендириў министри Михаил Котюков. – Бүгинги күнде өзбекстанлы студентлер де Россия жоқары билимлендириў дәргайларында билим алмақта. Жоқары билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў жедел ҳәм көп тәреплеме характерге ийе болып бармақта. Бул болса кадрлар таярлаўды сапа ҳәм муғдар жағынан жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын береди.

Россия ректорлар аўқамының президенти, М.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университетиниң ректоры Виктор Садовничийдиң айтыўынша, бул форум Өзбекстан ҳәм Россия жоқары билимлендириў, илим тараўындағы әҳмийетли ўақыя болып табылады. Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен турмысқа енгизилип атырған Ҳәрекетлер стратегиясы елимиздиң раўажланыўында зор импульс бермекте. Өзбекстанда Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң шөлкемлестирилгени халықтың миллий дәстүрлерине үнлеслиги менен дыққатқа ылайық. Мәмлекетте уллы илимпазлар атындағы қәнигелестирилген оқыў мәкемелериниң шөлкемлестрилип атырғаны, соның ишинде, Ал-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатының ашылғаны итибарға ылайық. Бул форум еки мәмлекеттиң жоқары билимлендириў дәргайлары арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўде жаңа дәўирди ашатуғыны сөзсиз.

– Бундай абырайлы дөгеректеги ушырасыў жоқары билимлендириў дәргайлары арасындағы жаңа байланыслар, бирге ислесиўдеги режелер, бирликтеги бағдарламаларды әмелге асырыў имканиятын береди, – дейди Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институтының ректоры Анатолий Торкунов. – Өзбекстанның Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатиясы университети және Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети менен биргеликте кеңнен бирге ислесиўди жолға қойыў нәзерде тутылған.

Бүгинги күнде Өзбекстанда россияның М.Ломоносов атындлағы  Москва мәмлекетлик университети, И.Губкин атындағы Россия мәмлекетлик нефть ҳәм газ университети, Г.Плеханов атындағы Россия экономика университети сыяқлы абырайлы жоқары билмлендириў мәкемелериниң Ташкент қаласындағы ҳәм Россия «Миллий технологиялық изертлеўлер университети «МИСиС»тиң Алмалық қаласындағы филиаллары жумыс алып бармақта. оларда қәнигели кадрлар таярланбақта.

Быйылғы оқыў жылынан баслап елимиздеги төрт билимлендириў мәкемесинде Россияның абырайлы жоқары оқыў орынлары менен биргеликте еки тәреплеме диплом бериў бойынша бирликтеги бағдарламалар тийкарында кадрлар таярлаў жолға қойылды.

Өзбекстан Республикасы Проезидентиниң 2018-жыл 20-июльдеги қарары менен Ташкент қаласында «Москва инженерлик-физика институты» миллий изертлеў ядро университети» федерал мәмлекетлик автоном жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалы шөлкемлестирилди ҳәм кейинги оқыў жылынан филиалда оқыў процесслери басланады.

2018-жыл 1-августта Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Москва қаласындағы ядро изертлеўлери, инженерлик-физика тараўына байланыслы институтлар менен магистратура бойынша бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойды. Оған муўапық бул жоқары билимлендириў мәкемесинде өзбекстанлы студентлер ушын 2018/2019-оқыў жылында «Ядролық энергетика ҳәм ыссылық физикасы» және «Ядро физикасы ҳәм технологиялары» қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылған.

Быйыл октябрь айында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги С.Герасимов атындағы Пүткилроссия мәмлекетлик кинематография институты менен институттың Ташкент қаласында филиалын ашыў ҳәм кино тараўында жетик қәнигелер таярлаў, қәнигелигин арттырыў ҳәм тәжирийбе алмасыў бағдарында бирге ислесиў бойынша келисимге еристи.

Форумда еки мәмлекеттиң жоқары оқыў мәкемелери арасында  биргеликтеги факультетлер, Россияның жетекши университетлериниң елимиздеги филиалларын шөлкемлестириў бирликтеги жойбарлар. студентлер алмасыўы, педагоглардың қәнигелигин арттырыў, шеберлик сабақлары ҳәм басқа да бирге ислесиўдеги илажлар бойынша көплеген ҳүжжетлерге қол қойылды. Соның ишинде, М.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы, Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан миллий университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Бухара, Ферғана мәмлекетлик университетлери арасындағы бирге ислесиў келисимлери, мәмлекетлик хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў бойынша Россия Федерациясы Президенти жанындағы Россия халық хожалығы ҳәм мәмлекетлик хызмет академиясы менен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы арасындағы келисим, Ташкентте Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институтының филиалын ашыўға байланыслы бул оқыў мәкемеси менен Жәҳән экономикасы ҳәм дипломатия университети арасындағы келисим ҳәм басқа да ҳүжжетлер усылардың қатарына киреди.

Билимлендириў әнжуманының қатнасыўшылары секцияларға бөлинген ҳалда, «Рус тили – илимий-ағартыўшылық тараўда бәсекиге шыдамлылық факторы сыпатында», «Өзбекстан-Россия бирге ислесиўиниң тийкарғы системасында техникалық билимлендириў», «Экономиканың әҳмийетли бағдарлары ушын кадрлар таярлаўдың түри ҳәм механимзлери», «Жоқары мектепте илим ҳәм инновациялар» сыяқлы темалар тийкарында тараўға байланыслы мәселелерди додалады.

Форум жуўмағы бойынша Өзбекстан ҳәм Россия жоқары билимлендириў системасындағы өз-ара бирге ислесиў байланысларын буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў бойынша жуўмақлаўшы резолюция қабыл етилди.

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы