Быйыл 18-октябрь күни Москвада Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Абдуғаниевич Кәримов естелигиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Мәресимде Өзбекстан делегациясы қурамында елимиз парламентиниң ағзалары Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясы, ҳүкимет ўәкиллери, илим, мәденият, әдебият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, Россия пайтахтында билим алып атырған. мийнет етип атырған жерлеслеримиз қатнасты.

Биринши Президентимиздиң естелиги орнатылған Ислам Кәримов атындағы бағда Россия нызамшылық уйымлары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер, Москва қаласы жәмийетшилигиниң ўәкиллери де жыйналды.

Көп миллетли халқымыз ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти атынан Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинге, Москва қаласы администрициясына ҳәм жәмийетшилигине Ислам кәримов естелигине көрсетилген жоқары ҳүрмет ушын терең миннетдаршылық билдирилди.

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев Москвада Ислам кәримов естелигиниң ашылыўы Россия Федерациясының Президенти Владимир Путинниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапарының басланып атырған күнде болып атырғаны терең рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти. Бул улыўмалық тарийх, уқсас мәденият, еки халықты байланыстырып турған мыңлаған туўысқан байланысларына тийкарланған Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларының беккемленип баратырғаныан дәрек екени атап өтилди.

Ислам Абдуғаниевич Кәримов өзиниң көп қырлы сиясий жумысы менен ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында өшпес из қалдырды, Өзбек халқы Биринши Президентин ардақлап ҳүрмет етеуғын ҳәм оның менен мақтанатуғын еди. Ол барлығымыз ушын барқулла өз халқына ҳәм Ўатанына пидайы хызмет етиўди айқын үлгиси болып қалады.

Өзбекстан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримов ҳәм Россия Президенти Владимир Путинниң ис-ҳәрекетлери менен еллеримиз арасындағы қатнасықлар стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилди.

Ислам Абдуғаниевич Россияға барқулла жоқары ҳүрмет пенен қатнаста болып, соның шинде, оның билимлендириў тараўындағы тәжирийбесин тез-тез тилге алатуғын еди. Ол Ташкентте М.В.Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети, Г.В.Плеханов атындағы Россия экономика университети ҳәм И.М.Губкин атындағы мәмлекетлик нефть ҳәм газ университети сыяқлы Россияның жетекши жоқары оқыў орынларының филиалларын ашыўдың интакери болған еди.

Ислам Кәримов тәрепинен басланған ийгиликли ислер бүгинги күнде избе-из даўам еттирилмекте. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда барлық тараўлардағы реформалар жаңа, жоқары басқышта әмелге асырылмақта.

Дерлик 900 мың рус миллетине тийисли Өзбекстан пуқаралары елимизди жаңалаўға ҳәм модернизациялаўға мүнәсип үлес қосып келмекте. Пидайы мийнети ушын олардың көпшилиги жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ерискен. Республикалық рус миллий мәденият орайы жумыс алып бармақта. Өзбекстандағы 800 ден аслам мектеп ҳәм көплеген жоқары оқыў орынларында билимлендириў рус тилинде алып барылмақта. Театрлар жумыс ислемекте, китаплар, газеталар көп нусқаларда басып шығарылмақта. Телекөрсетиўлер ҳәм радиоеситтириўлер эфирге узатылмақта.

Россия менен өз-ара пайдалы қатнасықларды ҳәр тәреплеме кеңейтиў Өзбекстан ушын үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Владимир Путинниң ис-ҳәрекетлери менен еллеримиз арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықлары сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди. Сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар жедел раўажланбақта.

Ислам Кәримовтың Москвадағы естелигиниң ашылыўына бағышланған мәресимде шығып сөйлеген Биринши Президентимиздиң зайыбы Т.Кәримова, Росиия Федерациясы Кеңеси баслығының биринши орынбасары Н.Фёдоров, Россия сыртқы ислер министриниң орынбасары Г.Карасин, Москва мэриниң орынбасары А.Горбенко ҳәм басқалар еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеў еки халықтың мәплерине толық жуўап беретуғыны ҳәм Орайлық Азия регионында қәўипсизликти ҳәм турақлы раўажланыўды беккемлеўге хызмет ететуғын атап өтти.

ӨзА