Пайтахтымыздағы «Жаслар дөретиўшилик сарайында» 17-октябрь күни VIII «Орайлық Азия саўда форумы» өз жумысын баслады.

АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлиги (USAID) ҳәм Өзбекстан Республикасы Сыртқы саўда министрлиги тәрепинен бир қатар шөлкемлер бирге ислесиўинде шөлкемлестирилген илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, министрликлер менен уйымлар, елимиз ҳәм сырт еллердиң исбилермен топарлары, банк-финанс, санаат, өндирис, билимлендириў тараўы ушын жуўапкер шөлкемлер менен компаниялардың ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Нодир Отожанов, АҚШтың Қубла ҳәм Орайлық Азиядағы саўда ислери бойынша ўәкилиниң жәрдемшиси Марк Линскотт, USAIDтың Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Кристофер Эдвардс дәстүрий өткерилип киятырған бул форум дүнья бойынша 70 миллионнан аслам бирге ислесиўши ҳәм бизнес топарлар ўәкиллерин өз әтирапына бирлестиретуғынын атап өтти.

20.jpg

26.jpg

Форум Орайлық Азия еллеринде бәсекиге шыдамлылықты арттырыў, саўда жумысын қоллап-қуўатлаў, бар тосқынлықларды сапластырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў сыяқлы мақсетлерге қаратылған. Бул жойбар регионның бес мәмлекетинде мийўе-овощ, туризм, транспорт ҳәм логистика тараўларын жедел раўажландырыў, олардың дүнья базарына интеграцияласыўына жәрдемлесиў, экспортты ҳәр тәреплеме қоллап-қуўтлаўды нәзерде тутады.

Бул форум Өзбекстан-Америка Қурама Штатларының саўда-экономикалық бирге ислесиўинде жаңа басқыш басланған усы жылда елимизде өткерилип атырғаны менен әҳмийетли болып есапланады. «Саўда ҳәм инвестицияларды раўажландырыўда жаңа перспективалар» атамасында шөлкемлестирилген илажда Орайлық ҳәм Қубла Азия, Европа ҳәм Америка Қурама Штатлары сыяқлы жәми 27 мәмлекеттен келген мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектордың 2000 нан аслам ўәкили қатнаспақта. Бул Орайлық Азияның регионаллық ҳәм халықаралық саўда ушын ашықлығына және бир дәлил.

Бул бизнес илаж саўданы қаржыландырыўға итибар қаратылған ҳалда Өзбекстанда экономикалық өсиў пәтлерин арттырыўға, инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаўға, туризмди раўажландырыўға бағдарланған социаллық-экономикалық реформаларды буннан былай да кеңейтиўге имканият жаратады.

Илажда атап өтилгениндей, кейинги жылларда Орайлық Азия еллериниң өз-ара саўда қатнасықларын жақсылаў бағдарында бир қатар жумыслар орынланды. Бажыхана тарифлери азайтылып, салық жүги жеңиллестирилди. Еркин саўда системасының имканиятларынан нәтийжели пайдаланған ҳалда товар алмасыў көлемин сезилерли арттырыў имканияты жаратылды.

Бир ғана мысал, усы жылдың 9 айы даўамында Өзбекстанның Орайлық Азия ҳәм қоңсы Аўғанстан менен саўда айланысының көлеми 38,2 процентке өсти. Соның ишинде, Тәжикстан менен өз-ара саўда көлеми дерлик 60 процентке өскен. Қазақстан ҳәм Қырғызстан менен товар алмасыў көлеми өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 45 процентке артқаны елимиз экономикасының қоңсы мәмлекетлер менен бир-бирин толықтырыў принципине тийкарланған ҳалда раўажланып атырғанын көрсетеди. Бирақ еле иске қосылмаған имканиятлар көп. Бүгинги сыртқы саўда көлеми регион потенциалына толық сәйкес келмейди.

46.jpg

63.jpg

– Президент Шавкат Мирзиёев тәрепинен Орайлық Азия еллери менен интеграцияласыўды тәмийинлеўге қаратылған реформалар әмелге асырылмақта, – дейди АҚШтың елимиздеги ўақытша ислер ўәкили Алан Мельтцер. – Буның нәтийжесинде аймақта раўажланыўдың унамлы динамикасы бақланбақта. Бул форум усы процессте бирге ислесиўди жолға қойыў, идеялар алмасыў ҳәм жаңа базарларға кириў имканиятын беретуғын мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысыў ушын қолайлы шараят жаратады.

Секция мәжилислеринде даўам еткен форумда өндиристи қаржыландарыў ушын альтернатив капитал дәрегин табыў, туризмди буннан былай да раўажландырўда жәмийетлик медиа ҳәм санлы инфраструктураның әҳмийети, Дүнья саўда шөлкемине ағза болыўдағы абзаллықлар сыяқлы әҳмийетли мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.

Әнжуманда, сондай-ақ, илим, технологиялар ҳәм көркем өнер тараўларында ҳаял-қызлардың қатнасыўын арттырыў, олардың исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, бул бағдардағы бар тосқынлықларды сапластырыўға қаратылған баянатлар тыңланды, презентациялар шөлкемлестирилди.

Орайлық Азия саўда форумы шеңберинде саўда көргизбеси де шөлкемлестирилди. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Аўғанстан, Пакистан, сондай-ақ, АҚШ, Италия, Нидерландия, Япония, Германияның түрли тармақлар, соның ишинде, транспорт, туризм, мәлимлеме технологиялары, әсбап-үскенелер ислеп шығарыў, мийўе-овощ жетистириў ҳәм қайта ислеў кәрханалары, компания ҳәм фирмалардың 100 ден аслам ўәкиллери қатнаспақта.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы