Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден пайдаланғаны ушын артықша (қәте) төленген қаржыларды тутыныўшыға Мәжбүрий орынлаў бюросын раўажландырыў қоры арқалы қайтарыў принципи белгиленди. Пулларды қайтарыў жобаластырылғанына қарағанда тезирек әмелге асырылады, деп жазады Kun.uz Norma хабарына тийкарланып.

Ҳүжжет жойбары Нызамшылық ҳүжжетлериниң тәсирин баҳалаў системасы порталында додаланғанынан кейин оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди. Нәтийжеде қайтарыў принципи бир қанша қолайлы болды. Тутыныўшы арза берген ўақыттан баслап 6 күн ишинде қаржыларды алады (11 күн ишинде қайтарыў жобаластырылып атырған еди).

Электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын артықша (қәте) төленген қаржыларды қайтарыў ушын арзаны «Өзбекэнерго» АЖ ямаса «Өзтрансгаз» АЖ яки «Өзтрансгаз» АЖға жойбарда нәзерде тутылғанындай тек ғана жазба түрде емес, ал усы шөлкемлердиң рәсмий интернет сайтлары арқалы электрон формада да бериў мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.