«Түркистан» сарайында Ташкент епархиясының 145 жыллығы мүнәсибети менен илаж болып өтти

Елимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм татыўлық барлық тараўларда кең көлемли реформаларды әмелге асырыў, халқымыздың абадан турмыс кешириўин тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Бүгинги күнде Өзбекистанда 130 дан аслам миллет ҳәм халық, 16 конфессия ўәкиллери тыныш-татыў жасамақта. Олардың өз мәдениятын үрп-әдет ҳәм дәстүрлерин қәстерлеп-сақлаўы ушын барлық шараят жаратылған. Бул социаллық келип шығыўына, динине, миллетине қарамастан барлық жерлеслеримизди усы Ўатанның перзенти сыпатында бирден-бир мәкан ҳәм ортақ мақсетлер әтирапында бирлестирип, елимиздиң раўажланыўы жолында шын жүректен мийнет етиўге шақырмақта.

«Түркистан» сарайында 1-октябрь күни Ташкент епархиясының 145 жыллығы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген илажда әне усы тәреплер тағы бир мәрте атап өтилди.

Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлери, дипломатиялық корпус ўәкиллери, шет елли мийманлар ҳәм христиан динине исенетуғын жерлеслеримиз қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың Ташкент епархиясының 145 жыллығы мүнәсибети менен қутлықлаўын Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Комилов оқып еситтирди.

Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл, Ташкент ҳәм Өзбекистан епархиясы басшысы митрополит Викентий елимизде миллетлераралық татыўлықты ҳәм диний кең пейилликти беккемлеў, жасларды жоқары мәнаўиятлы инсанлар етип тәрбиялаў мақсетинде кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти. Өзбекистанда динлераралық белсенди пикирлесиў орталығы жаратылғаны жәмийеттеги турақлылықтың әҳмийетли факторы болып хызмет етип атырғаны айтып өтилди.

Президентимиздиң басламасы менен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын қамтып, социаллық-экономикалық турмысымызды ҳәр тәреплеме жедел раўажландырыў жолын белгилеп берди.

Бул әҳмийетли ҳүжжетте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы шеңберинде қоңсылас еллер, түрли миллет-халық, дин ўәкиллери арасындағы дәстүрий жақын ҳәм дослық байланысларын буннан былай да беккемлеў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

– Елимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери өзиниң диний исенимлерин емин-еркин орынлаўы ушын беккем нызамлы тийкар да, шараят та жаратылған, – деди Зоя Канопко. – Мусылман, христиан ҳәм басқа да дин ўәкиллери арасында дослық, татыўлық ҳәм аўызбиршилик әне усындай байрамлар менен түрли салтанатларда және де беккемленеди. Бундай итибар ҳәм ийгиликли ислерге өзи инта көрсеткен мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдиремиз.

Илажда Өзбекистан ҳәм Россия көркем өнер шеберлериниң, жас атқарыўшылардың қатнасыўында концерт қойылды.

***

Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл басшылығындағы Рус православ ширкеўиниң Москва Патриархаты делегациясының елимизге сапары даўамында Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында да болып, муқәддес орынлар ҳәм тарийхый естеликлер менен танысты.

Самарқандта мийманлар Ҳәзирети Қызыр комплексинде Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Уллы Журтбасшымыздың қәбирине гүл қойып, ҳүрмет көрсетти. Комплексте әмелге асырылған үлкен абаданластырыў жумыслары, саўлатлы мавзолей, миллий усылдағы әйўан ҳәм басқа да имаратлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Делегация ағзалары, сондай-ақ, Әмир Темур ҳәм Хожа Данияр мавзолейлери, Мырза Улығбек обсерваториясы, Регистан комплекси ҳәм басқа да тарийхый естеликлерди де тамаша етти. Қаладағы Алексей соборында Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл қатнасыўында мәресим өткерилди.

Мийманлар Бухара қаласында Архистратиг Михаил ибадатханасына барды. Сондай-ақ, дүньяға белгили архитектуралық ҳәм тарийхый естеликлердиң қатарына киретуғын Чашмаи Аюб мавзолейи, Пойи Калон комплекси ҳәм Арк қаласы менен танысты.

-Бухара ҳаққында көп оқығанман, – деди Москва ҳәм Пүткил Рус Патриархы Кирилл. – Адамзаттың цивилизациясына шексиз үлес қосқан бул қаладан дүньяға белгили ойшыллар жетисип шыққан. Өзбекистанда барлық конфессиялар, соның ишинде, христиан динине сыйыныўшыларға да өзиниң әмеллерин орынлаўы ушын теңдей шараят жаратылғаны мақтаўға ылайық. Бул елиңизде диний кең пейиллик ҳәм татыўлық турақлылығынан дәрек береди.

Улуғбек ШОНАЗАРОВ,

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Эркин ЁДГОРОВ,

ӨзАның хабаршылары