Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қырғызстан Республикасы Президенти Алмазбек Атамбаев 2017-жыл 5-6-октябрь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Өзбекистан Президентиниң 5-6-сентябрь күнлери Қырғызстанға мәмлекетлик сапары ўақтында болып өткен жоқар дәрежедеги сөйлесиўдиң даўамы сыпатында еки мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалайды, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысады.

Мәмлекет басшылары Ташкент қалсында болып өтетуғын Өзбекистан ҳәм Қырғызстан санаат өнимлери көргизбесине барады.

Сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Президентлер Өзбекистан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы арасында Бирликтеги декларацияны қабыл етиўи күтилмекте.

Сапар шеңберинде түрли тараўларда өз-ара байланысларды беккемлеўге қаратылған бир қатар еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы режелестирилген.