Китап – инсанның ең садық досты ҳәм  сырласы болып есапланады.  Китап оқыў арқалы адамның ой-өриси кеңейип, көз қарасы өзгерип, руўхый дүньясы байып, сөз байлығы артады.

2017-жыл 13-сентябрьде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарардың  орынланыўын «Билим» баспасы тәрепинен баспадан шығып атырған китаплар мысалында да көриўимизге болады.

Быйылғы жылдың өзинде баспа тәрепинен жергиликли авторлардан –  Кеңесбай Реймовтың «Гүмис нурлар», Алпысбай Султановтың «Арал бойындағы аўыл», Аяпберген Мусаевтың «Ҳал қайда!», Караматдин Султановтың «Ақдәрья», Қуўанышбай Оразымбетовтың «Таңламалы шығармалар топламы» I-II-томлығы, Пердегүл Хожамуратованың  «Ана сағынышы», Муратбай Нызановтың «Таңламалы шығармалары» VII-томлығы, Қарақалпақ халық ертеги «Тыйын», Кеңесбай Каримовтың «Зардушт», жәҳән әдебияты ўәкиллеринен – Иоганн Вольфганг Гётениң «Фауст»,  өзбек әдебиятынан Мухаммед Алидиң «Мен туўылған үй» ҳәм басқа да китаплар басып  шығарылып китап оқыўшыларына инам етилди.

Усылардың қатарында Муратбай Нызановтың 500  нусқада басылып шыққан  «Мен неге жазыўшылықты таңладым?» китабында автордың  ҳәр қыйлы жылларда жазылған проблемалық мақалалары киргизилген. Мақалалар кең оқыўшылар жәмийетшилигине арналған болып, оларда  жас жазыўшылар ҳәм болажақ журналистлер  тема таңлаў, оны ашып бериў жоллары, мақала қара сөзлерден ибарат болып қалмаўы,  тартымлы шығарма дөретиў ҳаққында кең түсиниклер алыўы мүмкин.

Және де «ХХ әсир қарақалпақ поэзиясы антологиясы» китабының биринши томлығы баспадан шығып, онда көпшиликтиң кеўил бостанынан орын алған руўхый жақтан бай темаларға қурылған ҳәм жанрлық, көркем эстетикалық талғамы  жетилискен шығармалар сайлап алынған. Китаптан улыўма орта билим бериў мектеплери, колледж, лицей оқыўшылары менен бирге жоқары оқыў орынлары студентлери де қосымша оқыў қолланба сыпатында кеңнен пайдаланыўы мүмкин.

Сондай-ақ, Караматдин Султановтың «Әжинияз» романы 2000 нусқада баспадан шығып, Китап жанры жағынан  тарийхый роман болып, тийкарғы ўақыялар XIX әсирдеги қарақалпақ халқының тарийхы, сол дәўирдеги қарақалпақлардың классик шайыры Әжинияз Қосыбай улының өмири ҳәм  халықтың аўыр турмысын  сөз етеди.

Китапқумар оқыўшыларға  саўға ретинде сүйикли жазыўшымыз, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Шолохов атындағы дүнья жүзилик сыйлықтың лауреаты, миллий әдебиятымыздың мақтанышы есапланған Төлепберген Қайыпбергеновтың «Повестьлер»и 1000 нусқада қайта басып шығарылды.

Сондай-ақ, жазыўшының Қарақалпақ дәстаны трилогиясының «Маманбий әпсанасы» атамасындағы биринши китабы 2000 данада баспадан шықты.

Бундай китаплар жас әўладларға, әсиресе, жасларға руўхый суўсын болатуғынына исенемиз.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы