Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2-октябрь күни халыққа сапалы комуналлық хызмет көрсетиў, көп қабатлы турақ жайларды, экономика тармақларын ҳәм социаллық сала объектлерин гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларының жағдайын талқылаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Оған Өзбекистан Республикасы Бас минитсриниң орынбасарлары, тийисли министрликлер менен ведомстволардың басшылары қатнасты.

Мәжилисте халыққа турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиўди түп-тийкарынан жақсылаў, турақ жай фондынан ҳәм социаллық объектлерден пайдаланыў системасын буннан былай да жетилистириў, жеке меншик турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң жумыс сапасын арттырыў ҳәм қаржы-экономикалық турақлылығын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы көрип шығылды.

Президентимиз адамлардың күнделикли турмысына, абаданлығына, саламатлығына ҳәм кейпиятына тиккелей байланыслы бул мәселелерге турақлы итибар қаратып келмекте. Усы мақсетте мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 18-апрелдеги «Турақ-жай коммуналлық хызмет көрсетиў системасын басқарыўды буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық Өзбекистан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги дүзилди. Өткен дәўирде министрлик тәрепинен көп квартиралы турақ жай фондын сақлаў ҳәм оңлаў, жеке турақ жай мүлк ийелери ширкетлериниң жумысын муўапықластырыў, инженерлик-коммуникация тармақларын эксплуатациялаў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

Мәмлекетимиз басшысының тапсырмасына муўапық жуўапкер министрликлер менен ведомстволардың ўәкиллеринен ибарат еки арнаўлы жумысшы топар дүзилди. 1-жумысшы топар тәрепинен Әндижан, Ферғана, Наманган, Жиззақ, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында,  2-жумысшы топар тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Қашқадәрья ўәлаятларындағы жағдай үйренилди. 18-июльден 30-сентябрьге шекем даўам еткен үйрениўлерде тараўдағы машқалаларды сапластырыў бойынша белгиленген илажлардың ҳәр бир қала ҳәм районда орынланыўы талқыланды. Тийкарғы итибар көп қабатлы турақ жай фонды, социаллық сала объектлери, ишимлик суўы, электр энергиясы, ыссылық, тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ тәмийнаты, көмир жеткерип бериў, санитариялық тазалаў сыяқлы мәселелерге қаратылды. Орынларда халықтың, мәҳәлле белсендилериниң, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерилип, олардың талап ҳәм усыныслары есапқа алынды.

Мәжилисте жумысшы топарлар басшыларының есаплары тыңланды.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-июньдеги «Республиканың экономика тармақларын ҳәм социаллық салаларын 2017/2018-жыллардағы гүзги-қысқы дәўирде турақлы ислеўге комплексли таярлаўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда системалы жумыслар әмелге асырылған. Орайлық қазанханалар, ысытыў қазанлары, ыссылық, суў, газ, электр тармақлары оңланған.

Көп қабатлы турақ жай фондын гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў мақсетинде ислеп шығылған бағдарлама тийкарында жайлардың төбеси оңланған, ишки жоллар ҳәм подваллар тәртипке келтирилген. Балалар майданшалары қурылған. Турмыслық шығындылар арнаўлы орынларға тасып шығарылған.

Билимлендириў мәкемелеринде, балалар үйлери, емлеўханаларда ҳәм басқа да социаллық объектлерде оңлаў жумыслары әмелге асырылған.

Алыс ҳәм тәбийғый газ жетип бармаған елатлы пунктлерге зәрүр муғдарда турмыслық газ баллонлары  жеткерип берилген.

Мәжилисте халықты ҳәм социаллық сала мәкемелерин электр ҳәм ыссылық энергиясы, ишимлик суўы, тәбийғый ҳәм суйылтырылған газ, көмир, жанылғы-майлаў өнимлери менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ жай фондын сақлаў, ақаба хызметлерин көрсетиў бағдарындағы жумыслар сын көз қарастан талқыланды. Бул тараўлардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, барлық турақ жайлар, мектеп, емлеўхана ҳәм басқа да социаллық объектлердиң гүзги-қысқы мәўсимде ыссы болыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленип, жумысшы топарларға зәрүр көрсетпелер берилди.

Президентимиз гүзги-қысқы мәўсимге таярлық бағдарламаларының орынланыўын сын көз-қарастан қайта көрип шығыў, режелестирилген илажларды мәнзилли ҳәм мақсетли әмелге асырыў, қаржылардан нәтийжели пайдаланыў, энергияны үнемлейтуғын технологияларды қолланыўды кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти. Бул бағдардағы жумысларды ўәлаятлар ҳәм тараўлар кесиминде емес, мәҳәллеме-мәҳәлле, үйме-үй әмелге асырыў кереклиги атап өтилди.

Мәжилисте Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жуўапкер министрликлер менен ведомстволардың басшыларына турақ жайларды ҳәм социаллық-экономикалық объектлерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў жумысларын жуўмақлаў, халықты электр, ыссылық, газ, суў ҳәм басқа да турмыслық зәрүр қураллар менен үзликсиз тәмийинлеў адамлардың абаданлығы менен разылығын арттырыў бойынша көрсетпелер және тапсырмалар берди.

 

ӨзА