Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы, белгили археолог илимпаз Анатолий Сагдуллаев пенен ушырасыў болып өтти.

Атап өтилгениндей, экономиканы инновациялық раўажландырыўда академиялық илимниң ролин күшейтиў, илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў, алдынғы илимий жетискенликлерди әмелиятқа енгизиў, орынларда илимий мектеплерди беккемлеў және тийисли аймақлық ҳәм тармақлық машқалаларды шешиўде олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзаларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Усы пәрманға  муўапық, академияның Президиумы  ҳәм жумыс алып барып атырған ҳақыйқый ағзаларының усынысына бола, Илимлер академиясының 32 жаңа ҳақыйқый ағзасы тастыйықланған еди. Олардың арасында белгили археолог илимпаз Анатолий Сагдуллаев бар.

Илажда академик «Окс цивилизациясы» деген темада кең түрде баянат жасады. Онда илимпаз дүнья цивилизациясы ошақларының бири болған Орта Азияда, соның ишинде, Өзбекстанда мәмлекетшиликтиң қәлиплесиў тарийхына кең түрде тоқтап өтти.

-Быйылғы жылға тастыйықланған «Жол карталары»на муўапық өткерилип атырған ушырасыўдың тийкарғы мақсети,  заманагөй илим жетискенликлерин орынларда кеңнен үгит-нәсиятлаў, илимий мектеплерди раўажландырыў болып табылады,-дейди академик А. Сагдуллаев.-Соның менен бирге, улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларынан тартып,  жоқары оқыў орынлары студентлериниң арасынан қәбилетли жасларды илимий жумысқа тартыўдан ибарат.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Усындай ушырасыў Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 35-санлы улыўма билим бериў мектебинде де болып өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.