Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 1-ноябрьдеги «20162020-жылларда Өзбекстанда аналық ҳәм балалықты қорғаў системасын еледе беккемлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң усы жыл 10-сентябрьдеги усы мазмундағы 549-санлы қарары менен 2018-жылдың  17-сентябрь ҳәм 20-октябрь күнлери аралығы «Саламат ҳаял» айлығы деп жәрияланған еди.

– Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен айлық шеңбериндеги илажлардың мониторингин әмелге асырыў бойынша маршрут ислеп шығылды. Усы тийкарда жумысшы топар дүзилип, аймақларда жасайтуғын туўыў жасындағы барлық ҳаял-қызларымыз медициналық тексериўден өткерилмекте,-дейди Республикалық халықтың репродуктивлик саламатлық орайы Қарақалпақстан Республикалық филиалының шыпакери Б.Дәўлетназарова. – «Саламат ҳаял» айлығын өткериўден тийкарғы мақсет – орынлардағы туўыў жасындағы ҳаял-қызлардың репродуктивлик саламатлығын жақсылаў, аналар ҳәм балалар өлиминиң алдын алыў, халыққа көрсетилип атырған бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң сапасын және де жақсылаў болып есапланады.

Айлық даўамында тек туўыў жасындағы ҳаяллар емес, сондай-ақ келешегимиз даўамшысы болған өспирим қызлар да медициналық тексериўден өткерилмекте. Олардың денсаўлығына ҳәзирден баслап итибарлы болып, керекли медициналық жәрдемди ўақтында көрсетсек бәркамал әўладты жетилистириўге тийкар салған боламыз.

Айлық тамамланыўына еле ўақыт бар. Сонлықтан, шыпакерлерден зәрүрли мәсләҳәтлерди алып анықланған кеселликлердиң өз ўақтында алды алып барылса мақсетке муўапық болар еди.

«Саламат ҳаял» айлығы шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.