Көркем әдебият –  жилўаланған булақларға мегзейди. Бул булақлар адамзаттың руўхый дүньясын суўсынлатыўда, жаңа өсип киятырған жас әўладтың бойында инсаныйлық пазыйлетлерди, кишипейиллик пенен кеңпейилликти, зийреклик пенен зейинлиликти, тапқырлық пенен талапшаңлықты қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе.  

Бул пикирлер усы жылы баспадан шыққан  «Қарақалпақ балалар әдебиятының антологиясы»нда келтирилген.

Китапта  ХХ әсир дөретиўшилеринен баслап, ҳәзирги ўақыттағы дөретиўши инсанлардың мийнетлеринен үзиндилер топланып, қарақалпақ тилинде китап ҳалында  «Қарақалпақстан» баспасында 2000 нусқада баспадан  шықты.

Китапта жас өспиримлер ушын қосықлар, жумбақлар, тымсаллар, еске түсириўлер ҳәм гүрриңлер орын алған.

-Бүгинги қарарақалпақ балалар әдебияты өзиниң айқын раўажланыў жолына түскен ҳәм анық бағдарын белгилеп алған өз алдына тараў. Солай болса да, күни бүгинге шекем «Қарақалпақ балалар әдебиятының антологиясы» жеке китап түринде басылып шықпаған еди, – деп пикир билдиреди Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры Кеңесбай Кәримов. -Жазыўшы Бекназар Ерназаровтың басламасы менен жыйналып, туңғыш мәрте баспа жүзин көрип атырған бул топлам қарақалпақ балалар әдебиятының алтын қорына қосылатуғын қунлы жыйнақ болатуғынына исенемиз. Өйткени, балалар әдебияты – миллий тәрбияның түп дәрегин қурайды. Ал, миллий тәрбия – миллеттиң бас таянышы, темир қазығы саналады.

Китаптың поэзия бөлиминде Сағыйдулла Аббазов, Ҳикметулла Айымбетов, Ахмет Ақназаров, Яқыпбай Әжимов, Гүлистан Дәўлетова, Байнияз Қайыпназаров, Сейфулғабит Мажитов ҳәм басқа да авторлардың қосықлары орын алған. Ал, проза бөлиминде болса, Жолмурза Аймурзаев, Гүлайша Есемуратова, Сайлаўбай Жумағулов, Алланазар Әбдиев, Әбдимурат Атажанов ҳәм басқа да жазыўшылардың қызықлы гүрриң  ҳәм тымсаллары орын алған.

Мағлыўмат орнында соны да келтирип өтпекшимиз, 2017-жыл 13-сентябрьде Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Бул топлам усы қарардың әмелий орынланыўына қосылған бир үлес болып есапланады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы