Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасында улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў мәкемелери (колледж, лицейлер) ҳәм жоқары оқыў орынларында оқып атырған жаслар арасында спортты ғалабаластырыў мақсетинде 2000-жылдан берли үш басқышлы спорт ойынлары – «Үмит нәлшелери», «Баркәмал әўлад» ҳәм «Универсиада» спорт ойынлары турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев өз Телеграм каналында үш басқышлы спорт ойынларының 2025-жылға шекемги аралықта өткерилетуғын орынлары ҳаққында мағлыўмат жәриялады.

Мағлыўматта келтирип өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында 2021-жылы «Үмит нәлшелери» спорт жарысларының Өзбекстан көлеминдеги финаллық басқышы өткериледи.

Мағлыўмат ушын айтып өтемиз, үш басқышлы спорт ойынларының орта буўыны – «Баркәмал әўлад» спорт жарысларының республикалық финаллық басқышы 2008-жылы Қарақалпақстан Республикасында өткерилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.