Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўи бойынша усы жыл 18-октябрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин мәмлекетлик сапар менен елимизге келеди.

Мәмлекет басшылары турақлылыққа ийе сиясий сөйлесиўдиң даўамы сыпатында Өзбекстан ҳәм Россия арасындағы көп қырлы қатнасықлардың жағдайы бойынша пикир алысады, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлықты буннан былай да беккемлеў, өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў, ҳәр қыйлы тараўларда жаңа қоспа жойбарлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўдың перспективаларын додалайды.

Сапардың күн тәртибинен әҳмийетли халықаралық мәселелер, соның ишинде, регионның турақлылықты ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, Аўғанстанда тынышлық орнатыў процессине жәрдемлесиў мәселелери де орын алған.

Россия Федерациясы Президентиниң Өзбекстан Республикасына мәмлекетлик  сапары шеңберинде биринши мәрте Билимлендириў форумы ҳәм «Өзбекстан – Россия» аймақлараралық бирге ислесиў форумы өткериледи, сондай-ақ, елимизде атом электр станциясының қурылысы басланыўына бағышланған мәресим болып өтеди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлердиң жуўмағында мәмлекет басшыларының Қоспа билдириўин қабыл етиў, 2019-2024-жылларда экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы, 2019-2021-жылларда мәдений-гуманитарлық тараўда бирге ислесиў бағдарламасы, Өзбекстанда Россияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери филиалларын шөлкемлестириў ҳәм жумысын жолға қойыў ҳаққындағы келисим, «Суффа» халықаралық радиоастрономиялық обсерваториясын шөлкемлестириў бойынша «Жол картасы» ҳәм басқа да әҳмийетли еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойылыўы нәзерде тутылған.

Сапар барысында, сондай-ақ, Өзбекстан менен Россия аймақлары ҳәм исбилермен топарлары арасында ири инвестициялық ҳәм саўда шәртнамаларына қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА