ПроЛиганың «А» топарында өз ойынларын даўам еттирип атырған Қарақалпақстан Республикасының «Арал» футбол командасы ертең – 17-октябрь күни 30-тур шеңберинде өткерилетуғын ушырасыўда Наманган ўәлаятының «Нарын» футбол клубына қарсы гезектеги үй ушырасыўын өткереди.

Бул ҳаққында «Арал» футбол клубы фанклубы хабар бермекте.

Ойын пайтахтымыздағы орайлық «Туран» стадионында саат 15:00 де басланады.

Мағлыўмат ушын айтып өтиў керек, республикамыздың «Арал» футбол клубы өткерилген 26 ойында 16 упай топлап, «А» топарының ең соңғы орнын бәнтлеген. «Нарын» клубы болса 25 ойын жуўмағына бола 20 упай менен «Арал»дан бир текшее жоқарыда жайласқан.

Барлық футбол ықласбентлерин Қарақалпақстан Республикасының футбол командасын қоллап-қуўатлаўға шақырамыз. Ықласбентлер көп болса, бул командамыздың жеңисине өз үлесин қосады, деп ойлаймыз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.